Yangiliklar

So‘ngi yangiliklar

янв.21
Deputar va yoshlar uchrashuvi
янв.21
Deputat tomonidan mahalla yettiligi hamkorligida mahalladagi muammolar o‘rganildi.
янв.21
Депутат томонидан маҳалла еттилиги ҳамкорлигида маҳалладаги муаммолар ўрганилди.
янв.21
Xalq deputatlari shahar Kengashi deputati saylovchilar oldidagi axboroti
янв.21
Дeputat tomonidan targ'ibot tadbiri
янв.21
Депутатнинг ўз сайловчилари олдидаги ахбороти
янв.21
Депутатнинг ўз сайловчилари олдидаги ахбороти
янв.21
Фуқаро мурожаати юзасидан
янв.21
Депутатнинг ўз сайловчилари олдидаги ахбороти
янв.21
Дeputat faoliyatidan
Мүнәсибет

Әмелге асырылған жумыслар бойынша сайлаўшыларға есабат берилди

Мен, 16-Қутанкөл сайлаў округинен Халық депутатлары Нөкис районлық Кеңеси депутаты Пурханов Рахат Хамидуллаевич усы жылдың 7-апрель күни белгиленген график тийкарында өз сайлаўшыларым алдында 2025-жылдың I-шереги даўамында әмелге асырған жумысларым ҳаққында сайлаўшыларға есабат бердим.

Онда Ҳүрметли Президентимиз тәрепинен Қарақалпақстанды социаллық-экономикалық раўажландырыў бойынша қабыл етилген Пәрман ҳәм Қарарлары, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси тәрепинен қабыл етилген қарарлардың мазмун-мәнисин түсиндирип берилди. 

Соның менен бирге, 2025-жыл – “Қоршаған орталықты қорғаў ҳәм “жасыл экономика” жылы” мәмлекетлик бағдарламасында белгиленген ўазыйпалардың мазмуны ҳәмәҳмийети ҳаққында мағлыўмат берилди.

Есабат дәўиринде сайлаўшылардан 25 мүрәжат келип түскен болса, соннан 23 мүрәжат тийисли мәкеме ҳәм шөлкем жуўапкерлери менен биргеликте унамлы шешим тапқан болса, 2 мүрәжат бойынша тийисли орынларға депутат сораўы жиберилип орынланыўы қадағалаўға алынды. 

Мәселен, “Қутанкөл” мәкан пуқаралар жыйыны аймағындағы “Жаманша-1” аўылы турғынлары қыйтақ жерлерине суўғарыўы ушын ағын суў жеткерип берилиўинде әмелий жәрдем сорап билдирген мүрәжаты үйренип шығылып, усы аймаққа қәўендерлер есабынан баҳасы 40 млн. сўмлық суў насосы орнатып берилди. 

Мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған реформалардан сайлаўшылар разылығы, оны ҳәр күни өз турмысында сезип атырғанын билдирип атырғанлығын атап өтиў орынлы. 

Халық депутатлары Нөкис районлық Кеңеси Сессияларында ҳәм турақлы комиссия, соның менен бирге партия топары мәжилислеринде турақлы қатнасып, сондай-ақ, партия шөлкеми тәрепинен өткерилип атырған барлық илажларда партиямыз электораты мәплеринен келип шығып өз пикир ҳәм усынысларымды билдирип келмектемен.  

 

Рахат ПУРХАНОВ,

16-Қутанкөл сайлаў округинен Халық депутатлары Нөкис районлық Кеңеси депутаты