Yangiliklar

So‘ngi yangiliklar

Шымбайда дәриханалардың жумысы ҳәм халықты сапалы дәри-дәрмақлары менен тәмийинлеў жағдайы үйренилди

Шымбайда дәриханалардың жумысы ҳәм халықты сапалы дәри-дәрмақлары менен тәмийинлеў жағдайы үйренилди

⚡️Өзбекстан "Адолат" СДП Шымбай районлық Кеңесиниң баслығы, Халық депутатлары Шымбай районлық Кеңесиндеги партия топары ағзасы С.Абдиева районда жайласқан "Аселия фарм" дәриханасының жумысы ҳәм халыққа медициналық хызмет көрсетиў сапасы менен жақыннан танысты.

Үйрениў даўамында күнделикли талап жоқары болған ҳәм зәрүр болған дәри-дәрмақ қуралларының бар екенлиги, оларды сақлаў шараятлары және белгиленген баҳаның турақлылығына айрықша итибар қаратылды. Сондай-ақ, депутат ҳәм партия ўәкиллери дәрихана хызметкерлери ҳәм қарыйдарлар менен сөйлесип, дәри-дәрмақлардың сапасы, халыққа көрсетилип атырған хызмет дәрежеси ҳәм бар машқалалар бойынша пикир алысты.

Илаж соңында халықты арзан ҳәм сапалы дәри-дәрмақлар менен үзликсиз тәмийинлеў және баҳалардың жасалма арттырылыўының алдын алыў партияның турақлы итибарында екенлиги атап өтилди.

Slide 1 of 3