🍁❄️Бүгинги қунде пүткил елимиз бойлап гүзги-қысқы мәўсимге таярлық жумыслары әмелге асырылмақта. Мәўсимди зыянсыз өткериў мақсетинде коммуналлық тараўға байланыслы хызметлердиң жумыс сапасын ҳәм нәтийжелилигин арттырыў бойынша зәрүр илажлар көрилген.
🧯Шымбай районында Өзбекстан ХДП депутатлық топары ағзасы Х.Абдижалиев билимлендириў мәкемелериниң 2025-2026-жылғы гүз-қыс мәўсимине таярлық көриў ҳәм оны зыянсыз өткериў бойынша алып барылған жумыслар менен жақыннан танысты.
✅ Үйрениўлер даўамында мәўсимге таярлық бойынша алып барылған системалы жумыслар нәтийжесинде социаллық тараў объектлерин ыссылық ҳәм электр энергиясы менен үзликсиз тәмийинлеўде бар машқалаларды сапластырыўға ҳәм бул бағдарда жүзеге келиўи мүмкин болған унамсыз жағдайлардың алдын алыўға айрықша итибар қаратылды.
🔹Үйрениўлер соңында анықланған кемшиликлер тийисли мәкемелерге депутат сораўы жиберилип, депутат тәрепинен қадағалаўға алынды.