Өзбекстан ХДП Шымбай районлық кеңеси ҳәм Халық депутатлары Шымбай районлық Кеңесиндеги ӨзХДП депутатлық топарының қоспа мәжилиси болып өтти.
Онда Өзбекстан ХДП Шымбай кеңеси баслығы С.Нурмамбетов, Халық депутатлары Шымбай районлық Кеңесиндеги ӨзХДП депутатлық топары ағзалары ҳәм партия белсендилери қатнасты.
Мәжилис күн тәртибинде Социаллық ҳәм коммунал тараў ўәкиллериниң гүз-қыс мәўсимине таярлық көриў ҳәм оны зыянсыз өткериў бойынша алып барылған жумысларды үйренип шығыў жуўмақлары додаланып, усы мәселени Халық депутатлары Шымбай районлық Кеңесиниң гезектеги сессиясына киргизиў бойынша қарар қабыл етилди.
Сондай-ақ, партия шөлкемлери ҳәм депутатлар жумысларының рейтинг көрсеткишлерин жақсылаў мәселелери додаланды. Бунда депутатлар тәрепинен аймақтағы орын алған машқалаларды үйрениў ҳәм унамлы шешиўде депутатлық сораў институтынан нәтийжели пайдаланыўы, орынларда басланғыш партия шөлкемлеринде үгит-нәсият жумысларын алып барыў ҳәм ҒХҚда шығыўларды шөлкемлестириў бойынша ўазыйпалар белгилеп алынды.