Yangiliklar

Тараў ўәкилиниң есабаты тыңланды.

 Тараў ўәкилиниң есабаты тыңланды. 

Халық депутатлары Бозатаў районлық Кеңесиндеги Исбилерменлер ҳәрекети -Өзбекстан Либерал демократиялық партиясы депутатлық топарының мәжилиси өткерилди. 

Мәжилисте, Бозатаў районы ҳǝким орынбасары, Шаңарақ ҳǝм ҳаял-қызлар бѳлими баслығы тәрепинен алып барылып
атырған жумыслар ҳаққында тараў ўәкилиниң есабаты тыңланды. 2025-жыл 5-ай даўамында алып барылған жумыслары бойынша, ҳаял-қызладың тǝлим ҳǝм кǝсиплик кѳнликпелерин алыўлары, мүнǝсип жумыс табыўларына ҳǝр тǝреплеме кѳмеклесиў, исбилерменлигин қоллап-қуўатлаў, қǝбилетли жас ҳаял-қызларды анықлаў ҳǝм олардың қǝбилетлерин туўры бағдарлаў бойынша жыл басынан районда 552- жумыс ислеўди қǝлеўши жумыссыз ҳаял-қызлар дизимге алынған болып, соннан бүгинги күнге шекем 270 ҳаял-қызлар жумыс пенен тǝмийинленген, соннан 46 ҳаял-қызлар турақлы, ѳзин-ѳзи бант еткен 166 ҳǝм 13 хаял-қызлар ЯТТ жумысларға бǝнтлиги тǝмийинлениўине ерисилди. Илаж даўамында сораў-жуўап ҳǝм пикир-үсыныслар билдирилип ѳтилди.
  

Slide 1 of 1