Yangiliklar

"Депутат Мǝҳǝлледе"

 "Депутат Мǝҳǝлледе"

"Депутат Мǝҳǝлледе" жойбары шеңберинде, Нураный қоры баслығы, халық депутатлары Бозатаў районлық Кеңеси 6-санлы "Андижан" сайлаў округинен депутаты, ѲзХДП Бозатаў районлық Кеңесиндеги депутатлық топар ағзасы Ш.Бердаховтың басламасы менен шѳлкемлестирилип район ҳǝкими, аймақ жасы үлкен нураныйлер ҳǝмде мǝҳǝлле жетилиги биргеликте Еркиндарья АПЖ аймағындағы санатория қурылысы жумыслары менен жақыннан танысды. 

Илаж қатнасыўшылары бул жерде қолы гүл қурылысшылар менен сәўбетлести ҳәм “Санатория” имараты бойынша
толық мағлыўматларға ийе болды. Сондай-ақ, жаңа имарат иске түссе халыққа медициналық хызмет көрсетиў сапасы жақсыланыўы ҳәм жаңа жумыс орынлары жаратылыўы ҳаққында айрықша атап өтилди.
 

Slide 1 of 1