Yangiliklar

So‘ngi yangiliklar

янв.21
Muammolarni ijobiy yechish maqsadida deputatlik so‘rovi yuborildi.
янв.21
Hashar elga yarashar
янв.21
Doimiy komissiya yig‘ilishi bo‘lib o‘tdi.
янв.21
Doimiy komissiya yig‘ilishi bo‘lib o‘tdi.
янв.21
Fuqaro murojaati joyiga chiqqan holda o‘rganildi.
янв.21
Aholi murojaatini ijobiy hal etish maqsadida deputatlik so‘rovi yuborildi.
янв.21
Saylov okrugida infratuzilmani yaxshilash maqsadida deputatlik so‘rovi yuborildi.
янв.21
Xalq deputatlari Boysun tumani Kengashining 2026-yilning 1-5-iyun kunlari amalga oshiriladigan ishlar rejasi
янв.21
Xalq deputatlari Boysun tuman Kengashining 2026-yil IYUN oyida amalga oshirilishi belgilangan ishlar rejasi
янв.21
Doimiy komissiya yig‘ilishi bo‘lib o‘tdi.
ДЕПУТАТ САЙЛАЎШЫЛАР МЕНЕН СӘЎБЕТЛЕСТИ

💠 ДЕПУТАТ САЙЛАЎШЫЛАР МЕНЕН СӘЎБЕТЛЕСТИ

♻️ Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси тәрепинен тастыйықланған 2025-жыл 27-сентябрьдеги 01-12/08-167-санлы реже-графиги тийкарында Мойнақ районы "Мойнақ" мәкан пуқаралар жыйыны имаратында 65-Мойнақ сайлаў округинен Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң депутаты, ӨзХДП фракциясы ағзасы Бибихан Утамбетованың "Мойнақ" МПЖ  ҳәм "Арал" МПЖ аймағында жасаўшы сайлаўшылар менен ушырасыўы болып өтти.

🔰 Ушырасыўда депутат Б.Утамбетова 2025-жылдың III шереги даўамында әмелге асырылған жумыслары бойынша есабат берди. Сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2025-жыл 14-августьтағы “Қарақалпақстан Республикасын социаллық-экономикалық раўажландырыўға қаратылған илажларды жəне де жеделлестириў ҳаққында”ғы ПҚ-248-санлы Қарары, усы қарарға муўапық, узынлығы 97 км болған Қоңырат - Мойнақ магистрал суў тармақларын тартыў, Қоңырат - Мойнақ автомобиль жолының 91 км бөлегин оңлаў ушын әмелге асырылып атырған жумыслар, 2025-жыл 10-сентябрьдеги "Мәҳәллелерде жаслар менен ислесиў системасының нәтийжелилигин арттырыўға байланыслы илажлар ҳаққында"ғы ПП-163-санлы Пәрманы, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2025-жыл 16-сентябрьдеги 589-санлы Қарары, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси сессиясы қарарларының мазмун-мәниси ҳәмде президентимиздиң соңғы қарарларына тийкарланып, районымызда жаңадан салынып атырған қурылыс объектлериниң жумыс  барыслары ҳаққында түсиндирилди.

🔴 Сөйлесиў даўамында сайлаўшылардың мүрәжатлары тыңланды ҳәм усы мүрәжатларға түсиниклер берилди.

✅ Сайлаўшылар депутат Б.Утамбетованың есабатын мақуллады.

Slide 1 of 1