Халық депутатлары Хожели районлық Кеңесине 23-Қумжуққын сайлаў округинен депутат Э.Асаматдинов өзи сайланған округ аймағындағы мәҳәлле жетилиги ҳәм аймақ белсендилери менен ушырасып аймақ машқалаларын, алып барылыўы керек болған жумысларды додалады.
Сондай-ақ, депутат өзиниң округи аймағындағы көше бийлери менен ушырасып олардың мүрәжатларын, пикир-усынысларын тыңлап машқалаларды шешиў ушын барлық ис-иләжлар алып барылатуғынлығын айтып өтти.