Yangiliklar

Ушырасыу

Халық депутатлары Хожели районлық Кеңесине 22-Сарышунгил сайлаў округинен депутат Г.Базарбаева Сарышүнгил АПЖның шегара аймағында жасаўшы турғынлар менен ушырасыў өткерди. Ушырасыўға район ҳәкимлигиниң шегара мәселелри бойынша қәнигеси ҳәмде шегара посты жуўапкер ўәкиллери қатнасты.

Ушырасыў даўмында шегара аймағында ҳәрекетлениў тәртип-қағыйдалары менен бир қатарда депутат тәрепинен пуқаралардың мүрәжатларын, пикир-усынысларын тыңлап машқалаларды шешиў ушын барлық ис-иләжлар алып барылатуғынлығын айтып өтти. 

Slide 1 of 1