♻️ Өзбекстан ХДП Шымбай районлық Кеңеси басламасы менен «депутат мәҳәлледе» жойбары шеңберинде «Кеңес» АПЖ аймағында ушырасыў өткерилди.
📌 Ушырасыўда Өзбекстан ХДП Шымбай районлык Кеңеси баслығы С.Нурмамбетов, Халық депутатлары Шымбай районлық Кеңесиндеги партия топары ағзасы А.Утепбергенова ҳәм де «Кеңес» АПЖ хызметкерлери қатнасып, мәҳәлле жетилиги тәрепинен 2025-жылдың дәслепки 6 айы даўамында алып барған жумыслары ҳәм де алдағы ўақытларда алып барылыўы тийис жумыслар ҳаққында айтип өтилди.
✅ Ушырасыў соңында Шымбай районын социал-экономикалық раўажландырыў бойынша алып барылыўы белгиленген ис-илажларды мәнзилли үйрениў ҳәм де депутат тәрепинен нәтийжели қадағалаўды жолға қойыў, сондай-ақ, аймақта әмелге асырылатуғын жойбарлар ҳәм оларды қадағалап барыў бойынша ўазыйпалар белгилеп алынды.