Yangiliklar

So‘ngi yangiliklar

"Жаслар келешеги - жәмийет кепили

   Усы қарардың орынланыўы шеңберинде районымызда жол картасы ислеп шығылды
ҳәм избе-излик пенен әмелге асырылмақта. Соның ишинде, жаслардың бәнтлигин
тәмийинлеў мақсетинде районда турақлы түрде бос жумыс орынлары ярмаркалары
шөлкемлестирилмекте. Бул болса, тек ғана жумыссызлық дәрежесин азайтыўға емес,
ал жасларды ҳәр қыйлы қәўип-қәтер ҳәм унамсыз тәсирлерден сақлаўға да хызмет
етпекте. 

Халық ўәкиллери
сыпатында биз, депутатлар, бул процесслерди қоллап-қуўатлаймыз ҳәм орынлардағы
машқалаларды үйренип, оларға шешим табыўда белсене қатнаспақтамыз.
Жасларымыздың келешеги - Ўатан келешеги екенин терең сезинип, оларды ҳәр
тәреплеме қоллап-қуўатлаў, мүнәсип шараятлар жаратыў бағдарында өз жумысымызды
және де күшейтемен. Усы жерде, пуқараларымызды да бул ҳәрекетлерде белсене
қатнасыўға, жәмиетлик қадағалаўды күшейтиўге ҳәм жасларымызға дурыс жол
көрсетиўде аўызбиршиликли болыўға шақырып қаламан. 

  

М.Мырзатаев 

Халық депутатлары районлық Кеңеси депутаты