⚡️Халық депутатлары Нөкис районлық Кеңесиндеги Исбилерменлер ҳәрекети - Өзбекстан Либерал демократиялық партиясы депутатлық топарының гезектеги мәжилиси өткерилди.
✨Онда, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2024-жыл 30-сентябрьдеги "Мектепке шекемги билимлендириўдиң сапасы ҳәм нәтийжелилигин буннан былай да арттырыў бойынша қосымша ис-илажлар ҳаққында"ғы ПҚ-152-санлы қарарының орынланыўы, сондай-ақ мектеплерде билимлендириўдиң сапасын арттырыў ҳәмде жаңа оқыў жылына таярлық көриў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар ҳаққында Нөкис районы Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириў бөлими баслығы М.Таджетовтың есабаты тыңланды.
✨Мәжилисте депутатлар өзлериниң пикир ҳәм усынысларын айтып өтти.