Yangiliklar

So‘ngi yangiliklar

янв.21
O‘zbekistonda mahalliy davlat hokimiyati vakillik organlari faoliyatini 2030-yilga qadar rivojlantirish Konsepsiyasining mazmun-mohiyati haqida
янв.21
O‘zbekistonda mahalliy davlat hokimiyati vakillik organlari faoliyatini 2030-yilga qadar rivojlantirish konsepsiyasining mazmun-mohiyati haqida
янв.21
Deputat va yoshlar uchrashuvi
янв.21
Yoshlar kunidagi islohotlar – Yangi avlodga bo‘lgan ishonchning yorqin ifodasi
янв.21
Ikki davlat, bitta maqsad – barqaror taraqqiyot
янв.21
“Sijjak" mahallasi aholisi bilan uchrashuv o‘tkazildi.
янв.21
Doimiy komissiya hamda Kengashdagi O‘zbekiston“Milliy-tiklanish” demokratik partiyasining deputatlik guruhi tomonidan oʻrganish oʻtkazildi
янв.21
Doimiy komissiya yigʻilishi boʻlib oʻtdi
янв.21
Doimiy komissiya yigʻilishi boʻlib oʻtdi
янв.21
Tumanning maktabgacha va maktab ta’limi bo‘limida korrupsiyaviy omillarni oldini olish boʻyicha olib borilayotgan ishlar oʻrganilmoqda.
Мүнәсибет

  Кейинги жылларда мәмлекетимизде мәмлекетлик сиясаттың тийкарғы бағдарларынан бири сыпатында мәмлекетлик басқарыў ҳәм жәмиетлик турмыстың барлық тараўларын түп-тийкарынан реформалаў, мәмлекетлик уйымлардың есап бериўин ҳәм
ашық-айдынлығын күшейтиў, ўәкилликли уйымлардың қадағалаўының нәтийжели ҳәм тәсиршең механизмлерин жолға қойыў бағдарында избе-из жумыслар алып барылды.
 

Халық ҳәкимиятын толық әмелге асырыў бағдарында жергиликли Кеңеслердиң аймақларды социаллық-экономикалық раўажландырыў, халықты тәшўишке салып киятырған әҳмиетли мәселелерди шешиў және жергиликли атқарыўшы ҳәкимият уйымларының жумысы үстинен
тәсиршең қадағалаў орнатыў бойынша бир қатар қосымша ўәкилликлер берилди.
 

Жаңаланған Конституцияға тийкарланып жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият ўәкилликли уйымларына өз жумысын әмелге асырыўда жәрдемлесиў Олий Мажлис Сенатының толық ўәкилликлеринен бири сыпатында белгиленди. Сенат қурамында Жергиликли
мәмлекетлик ҳәкимият ўәкилликли уйымларының жумысын күшейтиўге жәрдемлесиўши комиссия, Аймақлық ўәкилликли уйымлардың жумысын үйрениў орайы шөлкемлестирилди. Олар тәрепинен жергиликли Кеңеслердиң жумысын нәтийжели шөлкемлестириў мақсетинде шөлкемлестириўшилик, ҳуқықый, методикалық ҳәм басқа да мәсләҳәт жәрдемлери көрсетип келинбекте.
 

Олий Мажлис Сенаты тәрепинен жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият ўәкилликли уйымларының жумысын нәтийжели шөлкемлестириўге қаратылған 20 дан аслам қарарлар қабыл етилди ҳәм жергиликли Кеңеслердиң жумысын тәртипке салыўшы ҳуқықый тийкарлар беккемленди. Жергиликли Кеңеслердиң жумысына байланыслы 700 ден аслам нызамшылық ҳүжжетлери қайта көрип шығылып, 300 ден аслам функцияларды оптималластырыў илажлары көрилди. 

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2025-жыл 23-июнь күни қабыл етилген ПФ-98-санлы пәрманына тийкар Өзбекстанда жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият ўәкилликли уйымларының жумысын 2030-жылға шекем раўажландырыў коньцепциясы халық депутатлары ўәлаятлық, районлық, қалалық Кеңеслериниң жумысын нәтийжели трансформациялаў, жергиликли Кеңеслердиң Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты ҳәм басқа да мәмлекетлик уйымлар менен бирге ислесиўин раўажландырыў, жергиликли Кеңеслердиң жумысында жәмиетшиликтиң кеңнен қатнасыўын тәмийинлейди. Пәрманындажергиликли Кеңес депутатларының "мәҳәлле жетилиги" менен өз-ара бирге ислесиўдеги жумысларды жеделлестириў бойынша бир қатар ўазыйпалар белгиледи. Атап айтқанда, халық ҳәкимиятын толық әмелге асырыў бағдарында жергиликли Кеңеслердиң аймақларды социаллық-экономикалық раўажландырыў, халықты қыйнап киятырған әҳмийетли мәселелерди шешиў ҳәм де жергиликли атқарыўшы ҳәкимият уйымларының жумысы үстинен тәсиршең қадағалаў орнатыў бойынша бир қатар қосымша ўәкилликлер берилди. Бул Концепция жергиликли Кеңеслердиң жумысын нәтийжели шөлкемлестириўге қаратылған реформалардың даўамы болып есапланады. 

Концепцияда аймақты раўажландырыўға байланыслы мәселелерди ҳәм халық тәрепинен көтерилип атырған машқалаларды шешиўде жергиликли Кеңеслерге және де кеңирек имканиятлар берилмекте. "Мәҳәлле жетилиги" → район Кеңеси → ўәлаят Кеңеси → Сенат" принципи жолға қойылыўы менен аймақларды раўажландырыў бағдарламаларының орынланыўын депутат ҳәм "мәҳәлле жетилиги" қадағалап барыў тәртиби белгиленди. Бул әмелият тәжирийбе түринде жолға қойылған еди. Ендиги жағында тәжирийбе және де
жетилистириледи ҳәм кең көлемде, системалы түрде иске түсириледи.
Онда депутатлар өз округиндеги "мәҳәлле жетилиги" ўәкиллери менен биргеликте бағдарламада белгиленген ўазыйпалардың әмелге асырылыўын мәнзилли үйренип, олардың шешими бойынша
биргеликте ҳәрекет етеди. Жергиликли Кеңеслер де өз гезегинде депутатлар тәрепинен усынылған машқала ҳәм усынысларды үйренип, оларды шешиў бойынша тийисли илажлар көреди.

Халықтың машқалалары, сондай-ақ, аймақларды раўажландырыў бағдарламасында белгиленген ўазыйпаның орынланыўына байланыслы машқалалар дәслеп район дәрежесинде, соӊ ўәлаят дәрежесинде шешиўге ҳәрекет етиледи. Егер, мәселени унамлы шешиў
имканияты болмаса, республика дәрежесинде шешиў ушын Олий Мәжилис Сенатына усынылады ҳәм Сенат тәрепинен жуўапкер министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте шешиў илажы көриледи.
Концепцияда белгиленген бул система аймақларды
раўажландырыў бағдарламасының орынланыўына байланыслы мәселелерди ҳәм де халық тәрепинен көтерилген машқалаларды унамлы шешиў имканиятын және де кеңейтеди. Бул өз наўбетинде, жергиликли Кеңес депутатларының аймақтағы ҳәр бир мәселеге
қатнасыўын ҳәм жуўапкершилигин арттырып, халықтың мәмлекетлик уйымлардан разылығын тәмийинлеўге хызмет етеди.
 

А.Таджимуратов

Хожелирайоны Байтерек МПЖ баслығы,
Халық депутатлары Хожели районлық Кеңеси депутаты