Өзбекстан ХДП Шымбай районлық Кеңеси басламасы менен «депутат мәҳәлледе» жойбары шеңберинде «Қызыл өзек» АПЖ аймағында ушырасыў өткерилди.
Ушырасыўда Өзбекстан ХДП Шымбай районлык Кеңеси баслығы С.Нурмамбетов, Халық депутатлары Шымбай районлық Кеңесиндеги партия топары ағзасы А.Есемуратов ҳәм де «Қызыл өзек» АПЖ хызметкерлери қатнасып, мәҳәлле жетилиги тәрепинен 2025-жылдың дәслепки 5 айы даўамында алып барған жумыслары ҳәм де алдағы ўақытларда алып барылыўы тийис жумыслар ҳаққында айтип өтилди.
Ушырасыў соңында Шымбай районын социал-экономикалық раўажландырыў бойынша алып барылыўы белгиленген ис-илажларды мәнзилли үйрениў ҳәм де депутат тәрепинен нәтийжели қадағалаўды жолға қойыў, сондай-ақ, аймақта әмелге асырылатуғын жойбарлар ҳәм оларды қадағалап барыў бойынша ўазыйпалар белгилеп алынды.