Yangiliklar

So‘ngi yangiliklar

янв.21
2025-2026 yilgi kuz-qish mavsumini betalafot va barqaror o‘tkazish maqsadida ijtimoiy soha obyektlari qozonxonasi nazorat-tartibida o‘rgandi
янв.21
Aholining murojaatiga asosan ma'sullarga yuborilgan deputat so'rovi ijro etildi
янв.21
Xalq deputatlari Bo‘ston tumani Kengashining yettinchi chaqiriq o‘n uchinchi sessiyasi bo‘lib o‘tdi.
янв.21
Deputat mahallada
янв.21
Deputat mahallada
янв.21
Nazorat tahlil-tadbirlari o‘tkazildi.
янв.21
To‘ylar, oilaviy tantanalar, ma’raka va marosimlarni o‘tkazish yuzasidan mahalla faollariga tushunchalar berildi
янв.21
Targ‘ibot ishlari davom etmoqda
янв.21
Deputat va yoshlar.
янв.21
Tuman Kengashi deputatlari M.To‘ychiyeva hamda B.Soliyevalar Bog‘i eram mahallasida Dastur doirasida amalga oshirilayotgan ishlarni nazorat tartibida o‘rgandilar.
ЖАЛПЫ МАЖЛИСТЕ 14 НЫЗАМ ДОДАЛАНДЫ

 Усы жылы 31-октябрь хәмде 1-ноябрь кунлери болып өткен
Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының он биринши жалпы мәжилиси Видеоконференция
байланыс тәризинде Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының Баслығы Танзила
Норбоева алып барды. Бул жалпы мәжлисте тийкарынын 14 нызам додаланып
депутатлардың пикир усыныслары тыңланды.
 

“Жасалма интеллектти қолланыў арқалы жүзеге келетуғын
қатнасықларды тәртипке салыў мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасының айырым
нызам ҳүжжетлерине қосымшалар ҳәм өзгерислер киргизиў ҳаққында”
ғы Нызамды көрип шығыўдан басланды.
 

Атап өтилгениндей, елимизде жасалма интеллект
технологияларын енгизиў ҳәм қолланыў, санлы мағлыўматлардан пайдаланыў
имканиятын ҳәм олардың сапасы жоқары дәрежеде болыўын тәмийинлеў, бул тараўда
маман кадрлар таярлаў бойынша кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта.
 

Таллаўлар жасалма интеллект технологияларынан
пайдаланыў ҳәм оны қаржыландырыў көлеми артып баратырғанын көрсетпекте.
 

Атап айтқанда, “жасалма интеллект” түсинигине ҳуқықый
тәрийп берилмекте, бул тараўдағы мәмлекетлик сиясаттың тийкарғы бағдарлары ҳәм
арнаўлы ўәкилликли уйымның ўазыйпалары белгиленбекте, мәлимлеме ресурсларын
жаратыўда ҳәм мәлимлеме системаларының жумысында жасалма интеллекттен пайдаланыўдың
улыўма қағыйдалары ҳәм усы технологиялардан пайдаланыўда шахсқа байланыслы
мағлыўматлардың қол қатылмаслығын тәмийинлеўге қаратылған қағыйдалар
белгиленбекте.
 

Сенаторлардың пикиринше, бул Нызам жасалма интеллект
технологияларын буннан былай да раўажландырыўға, оннан пайдаланыўдың улыўмалық
тийкарларын белгилеўге және бул тараўда жүзеге келетуғын қатнасықларда
пуқаралардың ҳуқықлары менен еркинликлерин буннан былай да исенимли қорғаўға
хызмет етеди.
 

“Халықты социаллық қорғаў системасының буннан былай да
жетилистирилиўи мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасының айырым нызам
ҳүжжетлерине қосымшалар ҳәм өзгерислер киргизиў ҳаққында”
ғы нызам додаланды.
 

Атап өтилгениндей, соңғы жыллары елимизде кем
тәмийинленген шаңарақларды қоллап-қуўатлаў, майыплығы болған шахслардың
жәмийетке бейимлесиўи ушын қолайлы шараятлар жаратыў, сондай-ақ, кәсипке
үйретиў ҳәм жеңилликлер бериў арқалы олардың бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм
материаллық жағдайын жақсылаўға қаратылған кең көлемли жумыслар әмелге
асырылмақта.
 

Сенаторлар тәрепинен атап өтилгениндей, бул Нызам да
усы реформалардың логикалық даўамы сыпатында ислеп шығылған болып, бул
бағдардағы жумысларды әмелге асырыўда жүзеге келип атырған машқалалардың алдын
алыўға қаратылған.
 

Нызам менен Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекске
қала қурылысы ҳүжжетлеринде майыплығы болған шахсларға шараятлар жаратыў
бойынша жойбардың айрықша бөлимине әмел етпеген ҳалда қурылысы жуўмақланған
имаратлар ҳәм объектлерден пайдаланыў ушын Қурылыс ҳәм турақ жай коммуналлық
хожалығы тараўында қадағалаў инспекциясы уйымлары тәрепинен рухсатнама бергени
ушын ҳәкимшилик жуўапкершилик белгиленбекте.
 

Сондай-ақ, нызам менен Социаллық қорғаў миллий
агентлиги ҳәм оның системасындағы уйымлар хызметкерлериниң нызамлы жумысына
тосқынлық етиў, сондай-ақ, олардың нызамшылық ҳүжжетлеринде белгиленген
талапларын орынламағаны ушын ҳәкимшилик жуўапкершилик нәзерде тутылмақта.
 

Буннан тысқары, Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы
кодекстиң
 

472-статьясы (Ата-ана қарамағынан айырылған
балаларды жайластырыўда нызамшылық талапларын бузыў), 48-статьясы (Қәўендерлик
ҳуқықын пайдаланыў), 511-статьясы (Майыплығы болған шахслардың
ҳуқықлары ҳаққындағы нызамшылықты бузыў) бойынша ҳәкимшилик ислерди көрип шығыў
жынаят ислери бойынша судлардан Социаллық қорғаў миллий агентлиги жанындағы
Социаллық инспекция ўәкиллигине өткерилмекте ҳәм Социаллық инспекция уйымлары
тәрепинен көрип шығылатуғын ҳәкимшилик ислер белгиленбекте.
 

Додалаў процесинде сенаторлар тәрепинен усы Нызамның
қабыл етилиўи социаллық қорғаўға мүтәж халық қатламының турмыс дәрежесин
жақсылаўға, оларға жәмийетлик ҳәм мәмлекетлик турмыста толық қатнасыўы ушын
зәрүр шараятлар жаратылыўына, социаллық жәрдем ҳәм хызметлер көрсетиўде оларға
тийисли болған мағлыўматларды (шыпакер ҳәм банк сырына байланыслы, нотариал
ҳәрекетлер, баҳалы қағазлар ҳаққындағы мағлыўматларды) үйрениў арқалы
Мәмлекетлик бюджеттен социаллық қорғаўға ажыратылған қаржылардың мәнзиллигин
тәмийинлеўге хызмет ететуғыны атап өтилди.
 

Нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды. 

“Пиротехника буйымларының айланысы ҳаққында”ғы нызам көрип шығылды. 

Атап өтилгениндей, мәмлекетимизде пиротехника
буйымларының нызамсыз айланысының алдын алыў бойынша илажлардың нәтийжелилигин
арттырыўға қаратылған системалы жумыслар әмелге асырылмақта.
 

Бирақ жуўапкер министрликлер ҳәм уйымлар тәрепинен
анық мақсетли илажлар өткерилиўине қарамастан, республика аймағына шеттен
пиротехника қуралларын нызамсыз алып кириў жағдайларын толық қамтып алыўдың
имканияты болмай атырғаны атап өтилди.
 

Пуқаралардың өмири ҳәм денсаўлығын, физикалық ҳәм
юридикалық тәреплердиң мүлкин қорғаў бойынша илажларды буннан былай да
күшейтиў, сондай-ақ, ҳуқықый тәсир илажларын қолланыў ўақтында тең
салмақлылықтың конституциялық принципине әмел етилиўин тәмийинлеў мақсетинде
пиротехника буйымларының айланысына байланыслы шеклеўлерди нызам дәрежесине
алып шығыў зәрүрлиги жүзеге келмекте.
 

Бул Нызам менен пиротехника буйымлары түсиниги ашып
берилмекте. Пиротехникалық қурамның жаныўы (жарылыўы) жәрдеминде оптикалық,
акустикалық, электр ҳәм басқа да визуал эффектлерди пайда етиў ушын
мөлшерленген қурылмалар пиротехника буйымлары класына кириўи, бул буйымлардың
қәўиплилик I-V классларына бөлиниўи белгиленбекте.
 

Буннан тысқары, пиротехника буйымларының еркин ҳәм
шекленген айланысы белгилеп қойылмақта.
 

Соның ишинде, қәўиплиликтиң I класына кириўши
пиротехника қураллары, яғный бенгаль маяклары, стол фонтанлары, хлопушка сыяқлы
қәўипли аймақ радиусы 0,5 метрден аспаған пиротехника буйымлары еркин айланыста
болыўы анық атап өтилмекте. Бул классқа кириўши пиротехника буйымларын ислеп шығарыў,
оларды сақлаў, пайдаланыў ҳәм басқа түрдеги ҳәрекетлер ушын ҳеш қандай қадаған
етиў болмайды.
 

Пуқаралар ҳәм жәмийетлик қәўипсизликке жоқары қәўип
дәреги есапланғанлығы себепли қәўиплиликтиң II класына кириўши пиротехника
қуралларының, яғный петардалар, ашық майданларда пайдаланыўға мөлшерленген
пиротехника фонтанлары сыяқлы қәўипли аймақ радиусы 5 метрге шекемги
пиротехника буйымларының айланысы пуқаралар ҳәм юридикалық тәреплер ушын
толық қадаған етилемекте.
 

Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодексте
пиротехника буйымларынан нызамсыз пайдаланғаны ушын (1851-статья)
белгиленген ҳәкимшилик жаза шарасы күшейтилмекте. Соның ишинде, бул түрдеги
нызамбузыўшылық ушын әмелдеги базалық есаплаў муғдарының бес есесинен жигирма
есесине шекемги муғдардағы жәрийма жазасы базалық есаплаў муғдарының он бес
есесинен жигирма бес есесине шекем арттырылмақта.
 

Сенаторлар өзлериниң шығып сөйлеўлеринде бул Нызам
елимизге пиротехника қуралларын алып кириў, ислеп шығарыў, тасыў, сақлаў, сатыў
ҳәм олардан пайдаланыў тараўында нәтийжели мәмлекетлик қадағалаўды орнатыў,
олардың нызамсыз айланысының алдын алыў, сондай-ақ, тутыныўшылардың ҳуқықлары
қорғалыўын тәмийинлеўге қаратылғанына айрықша итибар қаратты.
 

Нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды. 

“Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине
қосымшалар ҳәм өзгерислер киргизиў ҳаққында”
ғы Нызамды додалады.
 

Елимизде қоршаған орталықты қорғаў, экологиялық
қәўипсизликти тәмийинлеў, тәбийғый ресурслардан ақылға уғрас пайдаланыў ҳәм
экологиялық жағдайды жақсылаў бойынша системалы жумыслар алып барылмақта.
 

Сондай-ақ, республикамызда миллий ҳәм сырт елли
пайдаланыўшылар ушын рәсмий статистика мағлыўматларының ашық-айдынлығын ҳәм
жәриялылығын ең жоқары дәрежеде тәмийинлеў, соның ишинде, экономика
тармақларының раўажланыў көрсеткишлери ҳаққындағы мағлыўматлардан пайдаланыў
имканиятларын кеңейтиў бойынша системалы жумыслар әмелге асырылмақта.
 

Нызам менен “Тәбиятты қорғаў ҳаққында”ғы ҳәм
“Шығындылар ҳаққында”ғы нызамларға қурылыс айнасынан пайдаланыў нәтийжесинде
пайда болатуғын шығындыларды қайта ислеў қәрежетлерин қаплаў ушын утилизация
жыйымын енгизиўди белгилеўши және айырым нызамларға Өзбекстан Республикасы
Миллий статистика комитетиниң атамасы ҳәм ҳуқықый статусының өзгертилиўин
нәзерде тутыўшы қосымшалар ҳәм өзгерислер киргизилмекте.
 

Сенаторлар тәрепинен атап өтилгениндей, Нызамның қабыл
етилиўи қурылыс айнасы санаатын раўажландырыўға, экологиялық қәўипсизликти
тәмийинлеў, пуқаралардың денсаўлығын ҳәм қоршаған орталықты өзиниң тутыныў
қәсийетлерин жоғалтқан қурылыс айнасынан пайда болатуғын шығындылардың зыянлы
тәсиринен қорғаў ҳәм қайта ислеў менен байланыслы жумысты раўажландырыўға
хызмет етеди.
 

Сондай-ақ, мәмлекеттиң рәсмий статистика тараўындағы
ҳәкимшилик реформаларды нәтийжели әмелге асырыў шеңберинде статистика уйымларының
жумысын жетилистириўге ҳәм пайдаланыўшылар ушын және де қолайлы шараятлар
жаратады.
 

Додалаў жуўмағында Нызам сенаторлар тәрепинен
мақулланды.
 

“Өзбекстан Республикасының Ҳәкимшилик жуўапкершилик
ҳаққындағы кодексине қосымшалар ҳәм өзгерислер киргизиў ҳаққында”
ғы Нызам да көрип шығылды.
 

Сенаторлар тәрепинен мәмлекетимизде айдаўшылар ҳәм
пиядалардың жол ҳәрекети қағыйдаларына әмел етиў мәдениятын арттырыў,
айдаўшыларды таярлаў ҳәм қайта таярлаў системасын жетилистириў, сондай-ақ, жол
ҳәрекетиниң шөлкемлестирилиўин толық санластырыў ушын ҳуқықый тийкарлар
жаратылғанына итибар қаратылды.
 

Нызам менен Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы
кодекске жол ҳәрекети қәўипсизлиги менен байланыслы болған аз әҳмийетли
ҳуқықбузарлықлар ушын ҳәкимшилик ескертиў жазасының қолланылыўын, арнаўлы
автоматластырылған фото ҳәм видео жазыў техника қураллары арқалы дизимге
алынатуғын ҳәкимшилик ҳуқықбузарлықлардың дизимин және бундай техника қураллары
арқалы дизимге алынған ҳуқықбузарлықлар ушын ҳәкимшилик жаза қолланылыў
мүддетлериниң анық белгилениўин нәзерде тутатуғын қосымшалар ҳәм өзгерислер
киргизилмекте.
 

Бириншиден, Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекс
жаңа 171-статья менен толықтырылып, фото ҳәм видео жазыў техника қураллары
арқалы дизимге алынатуғын қағыйдабузарлықлардың түри анық белгиленбекте.
 

Екиншиден, Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекс
241-статья менен толықтырылып, ҳәкимшилик жаза сыпатында ҳәкимшилик ескертиў
илажы киргизилмекте.
 

Үшиншиден, жол ҳәрекети қағыйдаларының бузылыўы
арнаўлы техника қураллары арқалы белгиленген жағдайларда ҳәкимшилик жаза
ҳуқықбузарлық исленген күннен баслап бир айдан кешиктирмей қолланылатуғыны анық
белгилеп қойылмақта.
 

Нызамның қабыл етилиўи автомобильлерден пайдаланыўда
халыққа қосымша қолайлықлар жаратылыўына, ҳәкимшилик ҳуқықбузарлықлардың алдын
алыўға, сондай-ақ, халықтың мәмлекетлик уйымларға болған исенимин және де
беккемлеўге хызмет ететуғыны сенаторлар тәрепинен айрықша атап өтилди.
 

Нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды. 

“Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине
валюта және қымбат баҳалы металлар ҳәм қымбат баҳалы таслардың айланысы менен
байланыслы қатнасықларды жетилистириўге қаратылған өзгерислер ҳәм қосымшалар
киргизиў ҳаққында”
ғы нызам
додаланды.
 

Кейинги жылларда қымбат баҳалы металлар ҳәм таслар
айланысы тараўында жүзеге келген ҳуқықый бослықлар усы Нызамның қабыл етилиўине
себеп болды. Атап айтқанда, 2019-жылы “Валютаны тәртипке салыў ҳаққында”ғы
Нызамның жаңа редакциясы қабыл етилгенде “валюта қунлылықлары” түсинигинен
қымбат баҳалы металлар ҳәм таслар шығарып тасланған еди. Бул болса суд-тергеў
әмелиятында олардың нызамсыз айланысы менен байланыслы ислерде жуўапкершилик
мәселесин ашық қалдырған.
 

Бундай ҳуқықый бослықлар “қара базар”да нызамсыз
айланыс көлеминиң кескин артыўына алып келмекте. Кейинги 5 жылда қымбат баҳалы
металлар ҳәм таслардың нызамсыз айланысы менен байланыслы 100 ден аслам жағдай
анықланып, дерлик 50 миллиард сумлық алтын, гүмис, алмаз ҳәм зумрадлар
конфискацияланған. Нызамшылықтағы теңсалмақсызлықлар нызамлы жеңилликлерге ийе
болған 2 мыңға шамалас исбилерменлик субъектлериниң жумысына да унамсыз тәсир
көрсетпекте.
 

Буннан тысқары, “қара базар”да 550-600 млн долларлық
алтын буйымлар рәсмий емес айланбақта, ғәрезсиз алтын излеўшилер тәрепинен
тапсырылатуғын алтын көлеми 2020-жылдағы 40 килограммнан 2023-жылға келип 100
есеге азайған.
 

Бул Нызам әҳмийетли өзгерислерди өз ишине алады. 

Соның ишинде, Жынаят кодексине ҳәм Ҳәкимшилик
жуўапкершилик ҳаққындағы кодекслерге өзгерислер киргизилди. Соның ишинде, Нызам
менен Жынаят кодексиниң 177-статьясында ҳәм Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы
кодекстиң 170-статьясында қымбат баҳалы металлар менен тасларды нызамға қайшы
түрде алыў ямаса өткериў ушын анық жуўапкершилик илажлары белгиленбекте.
 

Түсиниклерге анықлық киргизилди, атап айтқанда,
нызамшылыққа “қымбат баҳалы металлар” ҳәм “қымбат баҳалы таслар” сыяқлы жаңа
түсиниклер киргизилип, бар атамалар жаңа редакциядағы “Валютаны тәртипке салыў
ҳаққында”ғы Нызамға муўапықластырылмақта.
 

Мәжбүрий сатыў ушын жуўапкершилик бийкар етилмекте,
яғный Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекстиң 171-статьясында валюта
түсиминиң бир бөлегин мәжбүрий сатыўдан бас тартқаны ушын белгиленген
ҳәкимшилик жуўапкершилик алып тасланбақта.
 

Сенаторлар өзлериниң шығып сөйлеўлеринде бул Нызамның
қабыл етилиўи қымбат баҳалы металлар ҳәм таслар айланысы менен байланыслы нызам
ҳүжжетлериниң бирдей қолланылыўын тәмийинлеў, ҳуқықбузарлықлардың алдын алыў
ҳәм жынаят ушын жазаның сөзсиз екенлигин тәмийинлеўге айрықша итибар қаратты.
 

Нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды. 

“Жоқары билимлендириўге байланыслы квалификацияларды
тән алыў ҳаққындағы глобаллық конвенцияны (Париж, 2019-жыл 25-ноябрь)
ратификациялаў ҳаққында”
ғы нызам
да көрип шығылды.
 

Бул Конвенцияның тийкарғы мақсети миллий билимлендириў
системаларының халықаралық интеграциясын тәмийинлеў, жоқары билимлендириў
тараўындағы қәнигеликлерди барлық мәмлекетлерде тән алыў процесслерин
әпиўайыластырыў ҳәм билимлендириўге байланыслы ҳүжжетлердиң улыўма тән алыныўын
тәмийинлеўден ибарат.
 

Атап өтилгениндей, бул халықаралық ҳүжжет БМШтың жоқары
билимлендириў тараўындағы биринши глобаллық шәртнамасы болып, ол дүнья
көлеминде маманлықларды әдил ҳәм ашық-айдын баҳалаў, регионлараралық
академиялық мобилликти раўажландырыў ҳәм студентлер, оқытыўшылар ҳәм
изертлеўшилердиң еркин ҳәрекетлениўин қоллап-қуўатлаўға хызмет етеди. Соның
менен бирге, Конвенция билимлендириў ҳүжжетлерин тән алыўда улыўма принциплерди
белгилейди.
 

Сенаторлардың атап өткениндей, Нызамның қабыл етилиўи
пуқаралар ушын билим алыўда қолайлықлар жаратыў, билимлендириўдиң сапасын ҳәм
бәсекиге шыдамлылығын арттырыў, академиялық мобилликти кеңейтиў, сырт ел мийнет
базарына кириў имканиятларын кеңейтиў және миллий жоқары билимлендириў
системасын глобаллық билимлендириў мәканына интеграциялаўға хызмет етеди.
 

Сондай-ақ, Глобаллық конвенция жоқары билимлендириў
ҳәм мийнет миграциясы тараўында халықаралық бирге ислесиўди раўажландырыў ушын
әҳмийетли ҳуқықый платформа сыпатында әҳмийетке ийе.
 

Нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды. 

“Өзбекстан Республикасы, Қырғызстан Республикасы ҳәм
Тәжикстан Республикасы арасында үш мәмлекеттиң мәмлекетлик шегаралары тутасқан
ноқат ҳаққындағы Шәртнаманы (Хоженд, 2025-жыл 31-март) ратификациялаў ҳаққында”
ғы Нызам додаланды.
 

Бул Шәртнама Орайлық Азиядағы үш қоңсы мәмлекет –
Өзбекстан, Қырғызстан ҳәм Тәжикстан – мәмлекетлик шегараларының тутасқан
ноқатын анық белгилеп, оның ҳуқықый тийкарларын халықаралық ҳүжжет дәрежесинде
беккемлейди және қоңсы мәмлекетлер менен шегара мәселелерин шешиўде избе-из ҳәм
ҳуқықый тийкарланған қатнасты сәўлелендиреди.
 

Бизге белгили, бул тарийхый Шәртнама Президентимиз
Ш.М.Мирзиёевтиң Орайлық Азияда жақсы қоңсышылық ҳәм турақлылықты тәмийинлеў
бойынша басламалары ҳәм ҳәрекетлери менен қол қойылған еди.
 

Ҳүжжет үш тәреплеме келисимлерди институционаллық
дәрежеде беккемлеп, регионда ҳуқықый анықлықты тәмийинлеў және мәмлекетлер
арасындағы өз-ара аўызбиршилик, жақсы қоңсышылық ҳәм дослықты және де
беккемлеўге қаратылған.
 

Додалаўда шығып сөйлеген сенаторлар атап өткениндей,
бул Шәртнама Орайлық Азия регионында тынышлық ҳәм турақлылықты тәмийинлеў,
туўысқан халықлар арасындағы исеним ҳәм дослық байланысларын беккемлеў және
регионаллық бирге ислесиўди тереңлестириўге хызмет етеди.
 

Нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды. 

Шаңарақ институтын беккемлеў ҳәм некеден
ажырасыўлардың алдын алыў бойынша көрилип атырған илажлар бойынша Шаңарақ ҳәм
ҳаял-қызлар комитетине парламентлик сораў жибериў мәселеси де көрип шығылды.
 

Атап өтилгениндей, шаңарақлық қатнасықларды тәртипке
салыўшы 20 нызам, Президенттиң 32 пәрман ҳәм қарары, Министрлер Кабинетиниң 45
қарары қабыл етилген. Жаңаланған Конституцияда мәмлекеттиң шаңарақтың толық
раўажланыўы ушын социаллық, экономикалық ҳәм ҳуқықый шараятлар жаратыўы
беккемлеп қойылған.
 

Сондай-ақ, келиспеўшиликли шаңарақлар менен индивидуал
ислесиў дәптери, “Ақыллы ҳаяллар” ҳәрекети ҳәм мәҳәлле институты менен
биргеликте шаңарақлық ажырасыўлардың алдын алыў бойынша мақсетли жумыслар жолға
қойылған. Суд уйымлары системасында да инновациялық қатнас енгизилип, “Шаңарақ
судьялары” институты тәжирийбе сыпатында әмелиятқа енгизилген.
 

Соның менен бирге, таллаўлар тараўда айырым машқалалар
сақланып қалып атырғанын көрсетпекте.
 

Соның ишинде, 2024-жылы 271 776 неке дүзилген болса,
усы дәўирде некеден ажырасыўлардың саны 45 135 ти қураған. Өткен жылы некеден
ажырасыўлардың 28,5 проценти 30 жасқа шекемги шахсларға туўра келген.
 

Некеден ажырасыўлардың ең көп саны Ташкент қаласы (5
913), Ферғана (4 800), Әндижан (4 781) ҳәм Самарқанд ўәлаятларында (4 599)
бақланған.
 

Усы жылдың январь-июнь айлары даўамында 95 275 неке
дүзилген болып, некеден ажырасыўлар саны 23 338 ди (24 процент) қурап, өткен
жылдың сәйкес дәўирине салыстырғанда 4 процентке (871 ге) артқан. Республиканың
112 район ҳәм қаласында некеден ажырасыўлар саны өскен.
 

Некеден ажырасыўлардың себеплерин таллаў алдын алыў
мүмкин болған жағдайлар да бар екенлигин көрсетпекте.
 

Додалаў жуўмағында Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар комитетине
тийисли парламентлик сораў жибериў ҳаққында Сенат қарары қабыл етилди.
 

Соның менен Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси
Сенатының он биринши жалпы мәжилиси жуўмақланды.
 

  

Б.Искендеров 

Халық депутатлары Кегейли районлық 

Кеңеси баслығы