35 yilYagona vatan, yagona xalq bo'lib, yangi hayot va kelajak yaratamiz!

Yangiliklar

So‘ngi yangiliklar

янв.21
AHOLI MUROJAATI JOYIGA CHIQIB O‘RGANILDI
янв.21
MAKTABGACHA TA’LIM TASHKILOTINING KUZ-QISH MAVSUMIGA TAYYORGARLIGI O‘RGANILDI
янв.21
Bog‘ot tumanida ijtimoiy va infratuzilmaviy muammolarni bartaraf etishga mablag‘ ajratildi
янв.21
BOGʻOT TUMANIDA ICHKI YOʻLLAR BOʻYICHA MANZILLI ROʻYXAT YANGILANDI
янв.21
TADBIRKORLIKNI RIVOJLANTIRISH VA XOTIN-QIZLAR BANDLIGI O‘RGANILDI
янв.21
BUDJET MABLAG‘LARINING MAQSADLI SARFLANISHI O‘RGANILDI
янв.21
AHOLI MUROJAATLARI JOYIGA CHIQIB O‘RGANILDI
янв.21
Qo‘shimcha mablag‘larni maqsadli yo‘naltirish bo‘yicha qaror qabul qilindi
янв.21
MAKTABNING KUZ-QISH MAVSUMIGA TAYYORGARLIGI O‘RGANILDI
янв.21
DEPUTAT VA TASHKILOT O‘RTASIDA HAMKORLIK YO‘NALISHLARI BELGILANDI
#Мүнәсибет

Кәмбағаллықты қысқартыў - инсан қәдири ҳәм абаданлығын тәмийинлеўдиң әҳмийетли факторы

Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында 3-сентябрь күни өткерилген видеоселектор мәжилисинде кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм халықтың дәраматларын арттырыў бағдарындағы жумысларды жаңа басқышқа алып шығыў бойынша әҳмиетли ўазыйпалар белгиленди. Бул мәселе, бәринен бурын, ҳәр бир инсанның мүнәсип турмыс кешириўи, мийнет етиўи ҳәм өз шаңарағының абаданлығын тәмийинлеў ушын зәрүр шараят жаратыў көзқарасынан үлкен әҳмийетке ийе.

Кейинги жылларда әмелге асырылған илажлар нәтийжесинде мәмлекетте кәмбағаллық дәрежеси жыл басындағы 5,8 проценттен 3,9 процентке түскени, жәрдемге мүтәж халық саны болса 2,2 миллионнан 1,5 миллионға азайғаны атап өтилди. Бул санлардың артында мыңлаған шаңарақлардың турмыс шараятының жақсыланыўы, жаңа жумыс орынлары ҳәм дәрамат дәреклериниң пайда болыўы сыяқлы әҳмийетли өзгерислер жәмленген.
Бирақ, бул бағдарда еле орынланыўы керек болған ўазыйпалар көп. Соның ушын енди тийкарғы итибар тек ғана социаллық жәрдем көрсетиўге емес, ал адамларды турақлы дәрамат дәрегине ие етиў, кәсип-өнерге үйретиў, исбилерменликке тартыў ҳәм өз бизнесин жолға қойыўына жәрдемлесиўге қаратылыўы әҳмийетли.

Мәжилисте жылдың ақырына шекем 230 мың шаңарақты кәмбағаллықтан шығарыў, сентябрь-декабрь айларында 350 мың пуқараны турақлы жумыс пенен тәмийинлеў ҳәм және 1 миллион халықтың дәраматларын арттырыў ўазыйпалары белгиленгени де бул бағдардағы жумыслар қаншелли анық мақсет ҳәм нәтийжеге қаратылып атырғанын көрсетеди.
Әсиресе, мәҳәлле дәрежесинде ислесиў системасын күшейтиў әҳмийетли. Себеби ҳәр бир шаңарақтың машқаласы, имканияты ҳәм талабы ҳәр қыйлы. Кимгедур кәсип үйрениў имканияты, басқасына жеңиллетилген кредит, және бир шаңараққа жер, инфраструктура ямаса базарға шығыў имканияты керек болыўы мүмкин. Сол себепли мәнзилли қатнас ҳәм ҳәр бир шаңарақ пенен индивидуал ислесиў нәтийжелиликтиң тийкарғы факторы болып есапланады.
Мениңше, кәмбағаллықты қысқартыў - бул тек ғана экономикалық көрсеткишлерди жақсылаў емес. Бул инсанның өз күшине исенимин арттырыў, оның мийнетине мүнәсип баҳа бериў, перзентлери ушын жақсы билимлендириў ҳәм мүнәсип келешек жаратыў дегени.

Усы мәнисте, белгиленген жаңа ўазыйпаларды ҳәр бир аймақта сапалы ҳәм жуўапкершилик пенен әмелге асырыў, ажыратылып атырған қаржылардың нәтийжелилигин тәмийинлеў, адамларды таяр социаллық жәрдем алыўшы емес, ал турақлы дәрамат жарататуғын белсенди субектке айландырыў - бәршемиздиң әҳмиетли ўазыйпамыз.
Себеби, кәмбағаллық қысқарған сайын шаңарақлардың абаданлығы, инсан капиталы ҳәм жәмиеттиң экономикалық потенциалы артады. Бул болса өз гезегинде Жаңа Өзбекстанның раўажланыўы ҳәм халқымыздың абаданлығының беккем тийкарын жаратады.

А.АСЕНБАЕВА
Өзбекстан ХДП Мойнақ районлық Кеңеси баслығы