Yangiliklar

So‘ngi yangiliklar

янв.21
Kengash qarori ijrosi ta'minlandi.
янв.21
DOIMIY KOMSSIYA TOMONIDAN O'RGANISH ISHLARI OLIB BORILDI.
янв.21
“TA’LIM TO‘G‘RISIDA”GI QONUN IJROSI YUZASIDAN O‘RGANISH ISHLARI OLIB BORILDI.
янв.21
1-MAKTABDA SPORT BILAN SHUG‘ULLANISH UCHUN YARATILGAN SHAROITLAR O‘RGANILDI.
янв.21
35-sonli davlat maktabgacha ta’lim tashkilotidagi muammolar yuzasidan deputat so‘rovi yuborildi.
янв.21
6-DMTTNING KUZ-QISH MAVSUMIGA TAYYORGARLIK HOLATI O‘RGANILDI
янв.21
KENGASH QARORI IJROSI TA’MINLANMOQDA.
янв.21
Islomobod dahasida keng ko‘lamli obodonlashtirish ishlari qizg‘in davom etmoqda
янв.21
Doimiy komissiyaning navbatdagi yig‘ilishi bo‘lib o‘tdi.
янв.21
Ijtimoiy-iqtisodiy rivojlantirish dasturiga kiritilgan loyiha joyiga chiqib o‘rganildi.
Мойнақта Өзбекстан Халық демократиялық партиясының 35 жыллығына бағышланған илаж өткерилди

Мойнақта Өзбекстан Халық демократиялық партиясының 35 жыллығына бағышланған илаж өткерилди

Өзбекстан Халық демократиялық партиясы дүзилгениниң 35 жыллығы мүнәсибети менен Мойнақ районында байрам илажы болып өтти. Онда партия белсендилери, депутатлар ҳәм мийманлар қатнасып, партияның тарийхый жолы ҳәм бүгинги күндеги искерлиги туўралы сөз жүритилди.

Илажда партияның 1991-жыл 1-ноябрьден баслап басып өткен жолы, социаллық әдилликти тәмийинлеў ҳәм социаллық қорғаўға мүтәж халық қатламларының мәплерин қорғаўға қаратылған жумысы сәўлелендирилген видеоролик көрсетилди.

Усы жылдың 1-октябрь жағдайына бола, Мойнақ районында партия ағзаларының саны 3 006 ды қурап, олар 31 басланғыш партия шөлкемине бирлескен. 2024-жылғы сайлаўлар нәтийжелерине бола, районнан Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесине 1 депутат, Халық депутатлары Мойнақ районлық Кеңесине 3 депутат сайланған. Олардың жумысында сайлаўшылар менен пикирлесиў, халықтың мүрәжатларын үйрениў ҳәм әҳмийетли мәселелердиң шешимине жәрдемлесиў әҳмийетли орын ийелейди.

Илажда Өзбекстан ХДП Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси баслығы, Карақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиндеги партия фракциясы басшысы Халилла Ешимбетов, Жоқарғы Кеңес депутаты, партия фракциясы ағзасы Бибихан Утамбетова ҳәм Халық депутатлары Мойнақ районлық Кеңеси секретариаты баслығы, партия депутатлық топарының ағзасы Кунсулу Насырова қатнасып, юбилей мүнәсибети менен қутлықлаў сөзлерин билдирди.

Байрам шеңберинде партия идеяларын үгит-нәсиятлаў ҳәм электорат мәплерин қорғаўда белсендилик көрсеткен бир топар мойнақлы партия ағзаларына Өзбекстан ХДП Орайлық Кеңеси баслығы атынан "Ўзбекистон Халқ демократик партияси ифтихори" көкирек белгиси, Ҳүрмет жарлықлары ҳәм естелик саўғалары тапсырылды.

Slide 1 of 1