Yangiliklar

So‘ngi yangiliklar

янв.21
XALQ DEPUTATLARI YUNUSOBOD TUMAN KENGASHI FAOLIYATI O‘RGANILDI
янв.21
MINOR MAHALLASIDA YO‘L TA’MIRLASH ISHLARI O‘RGANILDI
янв.21
INKLYUZIV TA’LIM SINFLARI UCHUN KORREKSION XONALARNI JIHOZLASH MASALASI MUHOKAMA QILINDI
янв.21
“BILLUR” MAHALLASIDA AHOLI MUROJAATLARI JOYIDA O‘RGANILDI
янв.21
NURMAKON MAHALLASIDAGI 260-SONLI MAKTABDA TA’MIRLASH ISHLARI KO‘ZDAN KECHIRILDI 👇👇👇👇
янв.21
BILLUR MAHALLASIDA AHOLI MUAMMOLARI O‘RGANILDI
янв.21
YUNUSOBOD MAHALLASIDA KUTUBXONA TASHKIL ETILMOQDA
янв.21
98-SONLI MAKTABDA “DOLZARB 90 KUN” LOYIHASI DOIRASIDAGI ISHLAR O‘RGANILDI
янв.21
BOG‘ISHAMOL MAHALLASIDAGI 240-SONLI MAKTABDA MUAMMO BARTARAF ETILDI
янв.21
SOBIROBOD MAHALLASIDA AHOLI MUAMMOLARI O‘RGANILDI
Сайлаўшылардың машқалалары унамлы шешим тапты

 Сайлаўшылардың машқалалары унамлы шешим тапты 

  

Мен, 8-“Арал” сайлаў
округынан Халық депутатлары Шоманай районлық Кеңеси депутаты Фархад
Мурзамуратов усы жылдың 5 айы даўамында белгиленген график тийкарында өз
сайлаўшыларым алдында әмелге асырған жумысларым бойынша сайлаўшылар менен
ушырасыўлар өткерип есабат берип келмектемен.
 

Ушырасыўлар даўамында
елимизде әмелге асырылып атырған кең көлемли демократиялық реформалар, әсиресе,
Мәмлекетимиз басшысы тәрепинен Қарақалпақстан Республикасын
социаллық-экономикалық раўажландырыў, халықтың абаданлығын арттырыў,
инженерлик-коммуникация инфраструктурасын жақсылаў, жаңа жумыс орынларын
жаратыў және социаллық қорғаў системасын беккемлеўге қаратылған Пәрман ҳәм
қарарлардың мазмун-мәниси ҳаққында кеңнен мағлыўмат берилди.
 

Сондай-ақ, Халық
депутатлары Шоманай районлық Кеңесиниң сессияларында қабыл етилген қарарлар,
олардың халықтың турмыс дәрежесин жақсылаў, аймақларды комплексли раўажландырыў
ҳәм социаллық машқалаларды шешиўдеги әҳмийети бойынша түсиндириў жумыслары алып
барылды.
 

Ушырасыўда усы
жыл ушын қабыл етилген "Мәҳәллелерди раўажландырыў ҳәм жәмиетти
жоқарылатыў жылы" Мәмлекетлик бағдарламасы шеңберинде белгиленген тийкарғы
ўазыйпалар, мәҳәллелер инфраструктурасын раўажландырыў, халықты социаллық
қоллап-қуўатлаў, бәнтликти тәмийинлеў, исбилерменликти раўажландырыў,
билимлендириў, денсаўлықты сақлаў ҳәм екологиялық турақлылықты тәмийинлеўге
қаратылған илажлар ҳаққында да толық мағлыўмат берилди.
 

Есабат дәўири
даўамында сайлаўшылардан жәми 7 мүрәжат келип түсти. Олардың ҳәр бири
үйренилип, тийисли мәмлекетлик ҳәм хожалық басқарыў уйымлары және жуўапкер шөлкемлер
менен биргеликте көрип шығылды. Нәтийжеде мүрәжатлардың тийкарғы бөлеги унамлы
шешилди, қалғанлары бойынша әмелий илажлар көрилмекте.
 

Соның ишинде, тунги
жактыландырыу, кошелерди абаданластырыу, пиядалар ушын отиуши жоллар бойынша
мәселеси унамлы шешилип, халық ушын әҳмийетли болған машқалаларға шешим
табылды. Бул болса сайлаўшылардың турмыс сапасы ҳәм турмыс шараятын және де
жақсылаўға хызмет етти.
 

Ушырасыўлар
даўамында сайлаўшылар мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған реформаларды
кеңнен қоллап-қуўатлайтуғынын, мәмлекетимиз тәрепинен инсан қәдирин улығлаў,
халықты социаллық қорғаў ҳәм аймақларды раўажландырыў бағдарында әмелге
асырылып атырған жумыслар өз турмысларында айқын сезилип атырғанын айрықша атап
өтти.
 

Қуўанышлы тәрепи,
сайлаў округим аймағындағы курылыс тарауындагы коп кабатлы турак жайлар,
балалар бакшасын курыу сыяқлы әҳмийетли машқалалар басқышпа-басқыш шешилмекте.
Бул бағдарда халық пенен турақлы пикирлесиў, олардың пикир-усынысларын есапқа
алыў депутатлық жумысымның тийкарғы бағдарларынан бири болып қалмақта.
 

Соның менен
бирге, халық депутатлары Шоманай районлық Кеңесиниң сессиялары, турақлы
комиссиялар мәжилислери ҳәм депутатлық топарының жумысында турақлы қатнасып,
партиямыз электоратының мәплерин қорғаў, халықты ойландырып атырған социаллық
мәселелерди көтериў, қабыл етилип атырған қарарлардың халық мәплерине хызмет
етиўи бойынша өз усыныс ҳәм басламаларымды алға қойып келмектемен.
 

Келешекте де
сайлаўшыларым менен турақлы сөйлесиў, олардың машқала ҳәм усынысларын терең
үйрениў, ҳәр бир мүрәжатқа жуўапкершилик пенен қатнас жасаў және олардың
нызамлы мәплерин қорғаў депутатлық жумысымның тийкарғы бағдары болып қалады.
 

  

 Фархад Мурзамуратов 

8-“Арал” сайлаў округынан
Халық депутатлары
Шоманай районлық
Кеңеси депутаты