Yangiliklar

So‘ngi yangiliklar

янв.21
URGANCHDA 50 O‘RINLI YANGI BOLALAR BO‘LIMI TASHKIL ETILISHI KUTILMOQDA
янв.21
JAMOAT TRANSPORTI — AHOLI QULAYLIGI YO‘LIDA MUHIM QADAM.
янв.21
MAHALLALARDA XOTIN-QIZLAR FAOLLIGI: DEPUTATLAR VA TADBIRKORLAR MULOQOTI
янв.21
DEPUTAT NAZORATI: MAHALLA INFRATUZILMASI VA TADBIRKORLIKNI QO‘LLAB-QUVVATLASH E’TIBORDA.
янв.21
AYOLLARNI QO‘LLAB-QUVVATLASHDA HUQUQIY YORDAM — HAYOTDAGI YANGI QADAM.
янв.21
NURAFSHON MFYDA JAMOAT TRANSPORTI VA BEKATLAR HOLATI O‘RGANILDI
янв.21
DEPUTAT FAOLIYATI: URGANCH SHAHRI MAHALLALARIDAGI MUAMMOLAR O‘RGANILMOQDA.
янв.21
XIVA SHAHRIDAGI “QIBLA TOZABOG‘” MFYDA MUAMMOLAR O‘RGANILIB, USTUVOR VAZIFALAR BELGILANDI
янв.21
MAHALLADAGI IJTIMOIY HIMOYA: QOG‘OZDAMI YOKI AMALDA?
янв.21
“YASHIL MAKON”: XORAZM VILOYATI KENGASHI DEPUTATLARI XAYRLI TASHABBUS BOSHIDA
МҮНӘСИБЕТ

Спорт — миллет мақтанышы, саламат турмыс ҳәм раўажланыўдың қүдиретли дереги

Дене тәрбия ҳәм спорт тараўында алып барылып атырған реформалар бүгинги күнде жаңа мазмун ҳәм жаңа көз қарасқа ийе болмақта. Енди спортқа тек ғана жарыс ямаса нәтийже көз қарасынан емес, ал инсан турмысының сапасы ҳәм жәмийет раўажланыўының әҳмийетли факторы сыпатында қаралмақта.

Ҳүрметли Президентимиз Ш.Мирзиёевтиң басшылығында өткерилген видеоселектор мәжилисинде мине усы тәреплерге айрықша итибар қаратылды. Яғный, халықты ғалабалық спортқа кеңнен тартыў арқалы саламат турмыс тәризин енгизиў, жасларды физикалық жақтан күшли ҳәм руўхый жетик етип тәрбиялаў тийкарғы ўазыйпа сыпатында белгиленди.

Итибарлы тәрепи сонда, соңғы жылларда жаратылған инфраструктура - жаңа спорт майданшалары, заманагөй заллар ҳәм имаратлар - бүгин өз нәтийжесин бериўи керек болған басқышқа жетти. Енди тийкарғы мәселе - олардан жедел пайдаланыў, халық, әсиресе, жаслар арасында спортқа болған қызығыўшылықты және де арттырыў. Соның менен бирге, профессионал спортты раўажландырыўда селекция ҳәм таярлық системасын жетилистириўге үлкен итибар қаратылмақта. Себеби үлкен спорттағы жетискенликлер - бул көп жыллық мийнет, дурыс жолға қойылған система ҳәм қәбилетли жасларды өз ўақтында қоллап-қуўатлаўдың нәтийжеси.

Бул реформалардың ең әҳмийетли тәрепи сонда, олар инсан мәплерине хызмет етеди. Яғный, ҳәр бир пуқара өз денсаўлығы ушын жуўапкершиликти сезиўи, спортты күнделикли турмысының бир бөлегине айландырыў керек. Әне сонда ғана саламат жәмийет ҳәм күшли мәмлекет қурыў мүмкин болады.

Солай екен, спорт тараўында белгиленген ўазыйпалар — бул тек ғана режелер емес, ал келешекке қаратылған анық қәдемлер, жаңа әўладты тәрбиялаўға хызмет ететуғын әҳмийетли бағдарлама болып табылады.

Арыўхан АСЕНБАЕВА,

ӨзХДП Мойнақ районлық Кеңеси баслығы