Yangiliklar

So‘ngi yangiliklar

янв.21
JAMOAT TRANSPORTI — AHOLI QULAYLIGI YO‘LIDA MUHIM QADAM.
янв.21
DEPUTAT NAZORATI: MAHALLA INFRATUZILMASI VA TADBIRKORLIKNI QO‘LLAB-QUVVATLASH E’TIBORDA.
янв.21
MAHALLALARDA XOTIN-QIZLAR FAOLLIGI: DEPUTATLAR VA TADBIRKORLAR MULOQOTI
янв.21
AYOLLARNI QO‘LLAB-QUVVATLASHDA HUQUQIY YORDAM — HAYOTDAGI YANGI QADAM.
янв.21
NURAFSHON MFYDA JAMOAT TRANSPORTI VA BEKATLAR HOLATI O‘RGANILDI
янв.21
DEPUTAT FAOLIYATI: URGANCH SHAHRI MAHALLALARIDAGI MUAMMOLAR O‘RGANILMOQDA.
янв.21
XIVA SHAHRIDAGI “QIBLA TOZABOG‘” MFYDA MUAMMOLAR O‘RGANILIB, USTUVOR VAZIFALAR BELGILANDI
янв.21
MAHALLADAGI IJTIMOIY HIMOYA: QOG‘OZDAMI YOKI AMALDA?
янв.21
“YASHIL MAKON”: XORAZM VILOYATI KENGASHI DEPUTATLARI XAYRLI TASHABBUS BOSHIDA
янв.21
HAR BIR MUROJAAT E’TIBORDA!
Мүнәсибет

 Өзбекстан Республикасында жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият ўәкиллик органлары жумысын 2030-жылға шекем раўажландырыў концепциясын тастыйықлаў ҳаққындағы Өзбекстан Республикасы Президентиниң 98-санлы пәрманы менен жергиликли Кеңеслердиң жумысын жетилистириўге қаратылған әҳмиетли бағдарлар белгилеп берилмекте. Мине, усындай әҳмиетли мәселелерден бири - жергиликли Кеңеслер тәрепинен қабыл етилип атырған қарарлардың жергиликли Кеңеслердиң норма дөретиўшилик жумысының сапасын
арттырыў мақсетинде Жергиликли Кеңеслер жанындағы Эксперт топарлары, Жаслар мәсләҳәт топарлары ҳәм пуқаралық жәмиетиниң басқа да институтларының жумыс тәжирийбелеринен Кеңеслердиң жумысында нәтийжели пайдаланыў арасындағы өз-ара бирге ислесиўди күшейтиў болып есапланады.
Жасларға байланыслы мәмлекетлик сиясатты әмелге асырыў, жаслардың жәмиетлик-сиясий белсендилигин қоллап-қуўатлаў, норма дөретиўшилиги процесинде, атап айтқанда, жаслар мәселелерине байланыслы қарар жойбарларын ислеп шығыў ҳәм додалаўда белсене қатнасыў, жасларға байланыслы мәселелер бойынша усыныслар ислеп шығыў ушын ҳәр бир жергиликли Кеңеслер жанында Жаслар маслаҳат топарлары шөлкемлестирилди. Сондай-ақ, халық депутатлары районлық Кеңеси ҳәм оның турақлы комиссиялары хызметин экспертлик ҳәм мәлимлеме-мәсләҳәт тәрепинен тәмийинлеў, олардың норма дөретиўшилик жумысы ҳәм қадағалаў-таллаў илажларын таярлаў ҳәм өткериўге көмеклесиў ушын өз жумысын жәмиетлик тийкарда алып баратуғын мәсләҳәт
уйымы яғный Экпертлер топары шөлкемлестирилди. Қала берсе жергиликли Кеңеслер тарепинен қабыл етилип атырган шешимлердин нызамларымызға толық мас келиўин тәмийнлеу мақсетинде жергиликли Кеңестиң жумысында мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер, пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары, пуқаралық жәмиетиниң басқа да институтлары ҳәм илимий топарлардың ўәкиллериниң белсене қатнасыўы тәмийинленеди. Булардын баршеси жергиликли Кенеслер жумысларын профиссонал дапежеге жеткериу, кабыл етилип атырган шешимлерди кабыл етиуде жергиликли Кеңеслердиң норма дөретиўшилик жумысының сапасы артады хамде Кеңес қарарларын қабыл етиў процесслеринде ашықлық ҳәм ашық-айдынлық тәмийинленеди.
 

А.Худайбергенов
Халық депутатлары Хожели районлық Кеңеси секретариаты баслығы