Yangiliklar

So‘ngi yangiliklar

янв.21
URGANCHDA 50 O‘RINLI YANGI BOLALAR BO‘LIMI TASHKIL ETILISHI KUTILMOQDA
янв.21
JAMOAT TRANSPORTI — AHOLI QULAYLIGI YO‘LIDA MUHIM QADAM.
янв.21
DEPUTAT NAZORATI: MAHALLA INFRATUZILMASI VA TADBIRKORLIKNI QO‘LLAB-QUVVATLASH E’TIBORDA.
янв.21
MAHALLALARDA XOTIN-QIZLAR FAOLLIGI: DEPUTATLAR VA TADBIRKORLAR MULOQOTI
янв.21
AYOLLARNI QO‘LLAB-QUVVATLASHDA HUQUQIY YORDAM — HAYOTDAGI YANGI QADAM.
янв.21
NURAFSHON MFYDA JAMOAT TRANSPORTI VA BEKATLAR HOLATI O‘RGANILDI
янв.21
DEPUTAT FAOLIYATI: URGANCH SHAHRI MAHALLALARIDAGI MUAMMOLAR O‘RGANILMOQDA.
янв.21
XIVA SHAHRIDAGI “QIBLA TOZABOG‘” MFYDA MUAMMOLAR O‘RGANILIB, USTUVOR VAZIFALAR BELGILANDI
янв.21
MAHALLADAGI IJTIMOIY HIMOYA: QOG‘OZDAMI YOKI AMALDA?
янв.21
“YASHIL MAKON”: XORAZM VILOYATI KENGASHI DEPUTATLARI XAYRLI TASHABBUS BOSHIDA
Мунасибет

Мүнәсибет

Мен, 20-Тахтакөпир сайлаў округинен Халық депутатлары Тахтакөпир районлық Кеңеси депутаты Жусипов Тимур Шыныбаевич, усы жылдың 25-апрель күни белгиленген график тийкарында өз сайлаўшыларым алдында усы жылдың 

I-шереги даўамында әмелге асырған жумысларым ҳаққында есабат бердим.

Ушырасыўда Ҳүрметли Президентимиз тәрепинен Қарақалпақстанды социаллық-экономикалық раўажландырыў бойынша қабыл етилген Пәрман ҳәм Қарарлары, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси тәрепинен қабыл етилген қарарлардың мазмун-мәнисин түсиндирип бердим. 

Соның менен бирге улыўма билим бериў мектеплеринде Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2025-жыл 14-февральда Жаслар менен өткерилген сәўбетлесиўи ҳәм онда белгиленген әҳмийетли ўазыйпалар шеңберинде жаслар ҳәм мектеп питкериўшилери менен пикир алысыўлар алып бардым. 

Есабат дәўиринде сайлаўшылардан 7 мүрәжат келип түсти ҳәм олар тийисли жуўапкерлер менен биргеликте унамлы шешип берилди.

Мәселен, “А.Адилов” АПЖ аймағындағы Шаңарақлық шыпакерлер пунктинде өткерилген ушырасыўда инвентарлар жетиспейтуғынлығы себепли мәмлекеттен қаржы ажыратыў бойынша усыныс келип түскен еди.

Ислеўшилердиң мүрәжаты тийкарында район бюджетиниң еркин қалдық қаржылары есабынан 65 млн сўм ажыратылып берилди. Соның менен бирге аймақтағы 5 кɵшеге, яғный Ийгиликли, Ақкɵл, Пишенкɵл, Таза посёлка 1-кɵше ҳәм Сары алтын 18-кɵшелерине 2025-жылы оңлаў жумыслары алып барылады.

Сайлаўшылар менен ушырасыўларда ҳәм олар менен пикир алысып, саўбетлесиў барысында олардың мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған реформалардан разы, оны ҳәр күни өз турмысында сезип атырғаны олардың мүнәсибетлеринен көринип турыпты.

Сессия ҳәм турақлы комиссия мәжилислеринде турақлы қатнасып, оларда партиямыз электораты мәплеринен келип шығып өз пикир ҳәм усынысларымды билдирип келмектемен.  

 

Тимур Жусипов.

20-"Тахтакөпир" сайлаў округинен депутат.

Slide 1 of 1