Yangiliklar

Ушырасыу

2025-жыл 7-февраль күни Хожели районы ҳәкимлиги мәжилислер залында Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының екинши ҳәм үшинши жалпы мәжилисинде көрип шығылған нызамларды халық арасында кеңнен түсиндириў бойынша ушырасыў болып өтти. Ушырасыўда Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты илим, билимлендириў ҳәм денсаўлықты сақлаў мәселелери комитети баслығының орынбасары, сенатор О.Атаниязова, районлық Кеңес депутатлары, мәкеме, шөлкем басшылары ҳәм мәҳәлле белсендилери қатнасты. Сенатор О.Атаниязова жоқарғы палата мәжилислер нәтийжелери ҳаққында қатнасыўшыларға кеңнен мағлыўмат берди. Районды социал-экономикалық раўажландырыў бағдарында ислениў тийис ўазыйпалар бойынша тараў ўәкиллериниң жуўапкершилигин арттырыў бағдарында өз усынысларын берип өтти.

Slide 1 of 1