Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеӊесине 63-Қараөзек округинен депутат М.Абдировтыӊ 2025-жылдыӊ үшинши шереги даўамында депутатлығы искерлиги бойынша сайлаўшылар алдында есабат ушырасыўы Қуралпа аўыл пуқаралар жыйынында өткерилди.Ушырасыўда депутат тәрепинен сайлаўшыларға өз депутатлық искерлиги бойынша есабат берип, жаӊадан қабыл етилген нызам, қарар ҳәм мәмлекетлик бағдарламалардыӊ халқымыз турмысындағы әҳмийети ҳәм мазмунын түсиндирип өтти. Сондай-ақ Өзбекстан Республикасы Президентиниӊ 2025-жыл 14-август күнги «Қарақалпақстан Республикасын социал-экономикалық раўажландырыўға бағдарланған иләжларды жәнеде жетилистириў ҳаққында»ғы 248-санлы қарары тийкарында белгиленген ўазыйпалар, халқымыз турмысында әҳмийетли тараўлар кесиминде жеӊиллик ҳәм имканиятлар ҳаққында кеӊнен мағлыўматлар берди. Буннан соӊ аймақ пуқаралары тәрепинен депутатқа мүрәжат ҳәм усынысларын билдирип, орынланыўы бойынша депутатлық қадағалаўға алынды.