35 yilYagona vatan, yagona xalq bo'lib, yangi hayot va kelajak yaratamiz!

Янгиликлар

Сўнги янгиликлар

Қәўипсиз бақша: Жумысшы топар тәрепинен Мәмлекетлик мектепке шекемги билимлендириў мәкемелери үйренилди

Қәўипсиз бақша: Жумысшы топар тәрепинен Мәмлекетлик мектепке шекемги билимлендириў мәкемелери үйренилди

✅ Халық депутатлары Шымбай районлық Кеңеси, Өзбекстан ХДП Шымбай районлық кеңеси ҳәм тийисли тараў кәнигелери менен биргеликте «Темир жол гүзары» МПЖ аймағында жайласқан 5-санлы мәмлекетлик мектепке шекемги билимлендириў шөлкемесинде үйрениў жумыслары алып барылды

Илажда Халық депутатлары Шымбай районлық Кеңеси баслығы О.Толыбеков, Өзбекстан ХДП Шымбай районлық кеңеси баслығы С.Нурммабетов ҳәм тийисли тараў қәнигелери қатнасты.

♻️ Үйрениў даўамында мәкемеде санитариялық-гигиеналық талапларға әмел етилиўи, өрт қәўипсизлиги қағыйдаларына әмел етилиўи, электр үскенелеринен дурыс пайдаланыў жағдайы ҳәм балалардың қәўипсизлигин тәмийинлеўге қаратылған илажлар талланды. Сондай-ақ, балалар ушын жаратылған шараятлар, азық-аўқат өнимлерин сақлаў, таярлаў процесслери көзден өткерилди. Билимлендириў шөлкеминиң жумысын және де нәтийжели шөлкемлестириў, бар кемшиликлерди сапластырыў ҳәм билимлендириўдиң сапасы және қәўипсизлик талапларын күшейтиў бойынша усыныслар берилди.

📌 Орынларда үйрениў жумыслары даўам етпекте.

Slide 1 of 5