Янгиликлар

Сўнги янгиликлар

Депутат мәҳәлледе

Халық депутатлары Шымбай районлық Кеңесине 1-санлы "Р.Низаматдинов" сайлаў округинен сайланған депутат, ӨзХДП депутатлық топары ағзасы Х.Абдижалиевтың өз сайлаў округинда жасаўшы пуқаралар менен ушырасыўы болып өтти.

Ушырасыўда депутат Х.Абдижалиев 2025-жылдың 9 айы даўамында өз сайлаў округинде алып барған жумыслары, соның ишинде, сайлаўшылардың мүрәжатларының шешими, аймақты социал экономикалық раўажландырыў барысында орын алған машқалалардың шешими бойынша есабат берди.

Сондай-ақ, ушырасыўда даўамында аймақта ушырасып атырған машқалалар бойынша аймақ турғынлары тәрепинен бир қатар мүрәжатлар билдирилди. Усы мүрәжатлардың шешими бойынша депутат Х.Абдижалиев тәрепинен депутатлық қадағалаў жумысларын алып барыў бойынша ўазыйпалар белгилеп алынды.

Slide 1 of 9