Янгиликлар

Сўнги янгиликлар

янв.21
Ko‘p qavatli uylar holati o‘rganildi
янв.21
Tadbirkorlik va ijtimoiy tashabbus uyg‘unligi: "NODIRABEGIM" atelyesi faoliyati o‘rganildi
янв.21
Xavfsiz mahalla — osoyishta hayot: “Amu sohillari” mahallasida huquqbuzarliklar profilaktikasi o‘rganildi
янв.21
"Amu sohillari" mahallasi faoliyati natijavor baholandi: Yoshlar va mahalla uchun yana bir qadam
янв.21
Kengash sessiyasi oldidan: Ochiqlik va mas’uliyat tamoyili asosida muhim masalalar tahlili
янв.21
Huquqiy_axborot_soati
янв.21
"Tinchlik" mahallasidagi faoliyat ijobiy baholandi: Asosiy maqsad — aholi farovonligi
янв.21
Mahalla tizimidagi islohotlar ijrosi deputatlar tomonidan o‘rganildi
янв.21
Huquqiy_axborot_soati
янв.21
7-may — O‘zbekiston Respublikasi axborot-kommunikatsiya texnologiyalari sohasi xodimlari kuni!
Баслы ўазыйпалар белгилеп алынды

Мәжилис күн тәртибинде Шымбай районы Жаслар ислери ҳам де районлық Шаңарақ ҳәм хаял-қызлар бөлимлери тәрепинен 2025-жылдың 5 айы даўамында әмелге асырылған жумыслары ҳаққындағы мәселелер додаланып,  райондағы социал-экономикалық раўажланыўының ең әҳмийетли мәселелери ҳәм де «Хаяллар дәптери» ҳәм «Жаслар дәптери» тийкарында әмелге асырылған жумысларды үйренип шығыў ҳәм усы мәселени Халық депутатлары Шымбай районлық Кеңесиниң гезектеги сессиясына киргизиў бойынша қарар қабыл етилди.

Сондай-ақ, партия шөлкемлери ҳәм депутатлар жумысларының рейтинг көрсеткишлерин жақсылаў мәселелери додаланды. Бунда депутатлар тәрепинен аймақтағы орын алған машқалаларды үйрениў ҳәм унамлы шешиўде депутатлық сораў институтынан нәтийжели пайдаланыўы, орынларда басланғыш партия шөлкемлеринде үгит-нәсият жумысларын алып барыў ҳәм ҒХҚда шығыўларды шөлкемлестириў бойынша ўазыйпалар белгилеп алынды.

Мәжилис сонында Халық депуптатлары Шымбай районлық Кеңесиндеги партия топары басшысы О.Толыбековтың 70 жыллығы мүнәсибети менен Өзбекстан ХДП Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси баслығы Х.Ешимбетовтың қутлықлаўы жыйналғанларға оқып еситтирилип, саўғалар тапсырылды.

Slide 1 of 7