Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасы депутаты Б.Алдамуратов Нөкис районындағы “Ҳәким жап” каналының бетонлаў жумыслары менен де танысты.
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2024-жыл 23-сентябрьдеги ПҚ330-санлы Қарары тийкарында “Токтаў” МПЖ аймағының фермер хожалықлары ҳәм тамарқа жерлерин суў менен тәмийинлеўши “Ҳәким жап” каналының бетонлаў жумыслары әмелге асырылмақта.
“Ҳәким жап” каналының бетонлаў жумысларына 9,5 млрд сўм қаржы ажыратылған болып “Joniy best” ЖШЖ тарепинен керекли техникалар алып келинип, каналды бетонлаў ислери қызғын даўам етпекте.
Каналды бетонлаў нәтийжесинде, жыллық есапта 5 млн 443 метр куб суў үнемленеди. Сонлықтанда депутат жәмийетшилик қадағалаўы даўамында каналдың бетонланыў жумыслары бойынша ислениўи зәрүр болған барлық талаплардың орынланыўына дыққат қаратты.