Янгиликлар

Сўнги янгиликлар

янв.21
Yettinchi chaqiriq Xalq deputatlari Payariq tumani Kengashining navbatdagi o‘ninchi sessiyasini chaqirish to‘g‘risida farmoyish qabul qilindi.
янв.21
Deputat va mahalla yettiligi o‘rtasidagi hamkorlik: aholi muammolarini hal etishda muhim omil
янв.21
Ehtiyojmand oilalarga e’tibor – ijtimoiy mas’uliyat ifodasi
янв.21
Navbatdagi sessiya jarayonlariga tayorgarlik
янв.21
Fuqarolar muammolari tinglanmoqda: Payariqda navbatdagi ochiq qabul bo‘lib o‘tdi
янв.21
Oilaviy ajrimlar: Muammo va uning yechimlari yuzasidan ochiq muloqot
янв.21
Xalq vakillari tomonidan amalga oshirilgan ishlar va kelgusida rejalashtirilgan ustuvor vazifalar yuzasidan ma'lumotlar taqdim etildi
янв.21
Saylovchilar bilan yuzma-yuz uchrashuv
янв.21
Tuman maktabgacha ta’lim tizimida faoliyat yuritayotgan xodimlar bilan muhim uchrashuv bo‘lib o‘tdi.
янв.21
Deputatning saylovchilari bilan uchrashuvi
Мүнәсибет

 Бүгинги күнде мәмлекетлик басқарыўды жетилистириў ҳәм пуқаралардың мәмлекетлик жумысларда белсене қатнасыўын тәмийинлеўде Жергиликли Кеңеслердиң жумысы әҳмиетли орын иелейди. 2025-жыл 23-июнь күни қабыл етилген Өзбекстан Республикасында жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият ўәкиллик органлары жумысын 2030-жылға шекем раўажландырыў концепциясын тастыйықлаў ҳаққындағы Өзбекстан Республикасы Президентиниң 98-санлы парманы менен жергиликли Кеңеслердиң жумысын жетилистириўге қаратылған әҳмиетли бағдарлар белгилеп берилмекте.
Бизге белгили, республикамыздағы барлық мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердиң жумысы системалы түрде санластырылып барылмақта. Бул болса жергиликли Кеңеслердиң жумысын да санластырыўды талап етпекте. Бүгин тастыйықланған Өзбекстанда
жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият ўәкилликли уйымларының жумысын 2030-жылға шекем раўажландырыў коньцепциясында жергиликли Кеңеслердиң жумысын санластырыўды және де күшейтиў, сондай-ақ, Кеңес жумысы ҳәм мағлыўматларының ашық-айдынлығын
тәмийинлеў системасын енгизиў нәзерде тутылмақта.
Концепцияда жергиликли Кеңеслердиң жумысында ашық-айдынлықты буннан былай да кеңейтиў мақсетинде тараўды санластырыўға байланыслы бир қатар илажлар белгиленген.
Мәселен, кең жәмиечилик ҳәм ҒХҚға жергиликли Кеңеслердиң сессияларын бақлаў имканиятын кеңейтиў мақсетинде сессияларды "Е-Кеңес" платформасы арқалы онлайн трансляциялаў әмелияты системалы жолға қойылады. Сондай-ақ, жергиликли Кеңеслердиң рәсмий веб-бетлеринде Кеңес, оның турақлы комиссиялары ҳәм депутатларының жумысына байланыслы статистикалық мағлыўматлар автоматикалық жаңаланып барылыўы тәмийинленеди.
Келешекте депутатлар ушын онлайн даўыс бериў имканияты жаратылады. Онда депутат Кеңес мәжилислерине мобил қосымша арқалы аралықтан турып қатнасыўы ҳәм онлайн даўыс бериўи мүмкин болады. 

Буннан тысқары, сессия ҳәм мәжилислер даўамында жасалма интеллект базасында электрон стенограмма жүргизиў ҳәм протоколларды автоматикалық түрде қәлиплестириў имканияты жаратылады. Бул Концепцияның қабыл етилиўи Өзбекстанда жергиликли Кеңеслер ушын тарийхый ўақыя болып, Кеңес жумысының барлық тараўларын, атап айтқанда, санластырыўды да сапа жағынан жоқары басқышларға алып шығатуғынына исенемен. 

Г.Каллибекова
Халық депутатлары Хожели районлық Кеңеси депутаты