Янгиликлар

Сўнги янгиликлар

янв.21
“G’oyib ota” mahallasida “Vakillar yig‘ini” o‘tkazildi
янв.21
Yettinchi chaqiriq Xalq deputatlari Payariq tumani Kengashining navbatdagi o‘ninchi sessiyasini chaqirish to‘g‘risida farmoyish qabul qilindi.
янв.21
Deputat va mahalla yettiligi o‘rtasidagi hamkorlik: aholi muammolarini hal etishda muhim omil
янв.21
Ehtiyojmand oilalarga e’tibor – ijtimoiy mas’uliyat ifodasi
янв.21
Navbatdagi sessiya jarayonlariga tayorgarlik
янв.21
Fuqarolar muammolari tinglanmoqda: Payariqda navbatdagi ochiq qabul bo‘lib o‘tdi
янв.21
Oilaviy ajrimlar: Muammo va uning yechimlari yuzasidan ochiq muloqot
янв.21
Xalq vakillari tomonidan amalga oshirilgan ishlar va kelgusida rejalashtirilgan ustuvor vazifalar yuzasidan ma'lumotlar taqdim etildi
янв.21
Saylovchilar bilan yuzma-yuz uchrashuv
янв.21
Tuman maktabgacha ta’lim tizimida faoliyat yuritayotgan xodimlar bilan muhim uchrashuv bo‘lib o‘tdi.
Мүнәсибет

2025-жыл 23-июнь күни қабыл етилген Өзбекстан Республикасында жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият ўәкиллик органлары жумысын 2030-жылға шекем раўажландырыў концепциясын тастыйықлаў ҳаққындағы Өзбекстан Республикасы Президентинин 98-санлы парманы менен жергиликли Кеңеслердиң жумысын жетилистириўге қаратылған әҳмиетли бағдарлар белгилеп берилмекте. Бүгин қабыл етилген Пәрман менен пуқаралар тәрепинен жергиликли Кеңеслерге электрон жәмәәтлик мүрәжат етиў бойынша жаңаша система жаратылыўын нәзерде тутпақта.

Бул қандай система? Ол қалай ислейди? Бул система көплеген раўажланған мәмлекетлердиң тәжирийбесинде кеңнен пайдаланып
келинбекте. Бул системаны жергиликли Кеңеслердиң жумысына енгизиў арқалы пуқаралардың аймақлық мәселелерди шешиўдеги норма дөретиўшилиги процесслеринде тиккелей қатнасыўына имканият жаратылады. Яғный, бир топар пуқаралар тәрепинен аймақтағы әҳмиетли мәселе ҳәм машқалаларды шешиўди гөзлеп жергиликли Кеңеслерге жәмәәтлик түрде мүрәжат киргизиў ҳуқықы белгиленеди.
Әлбетте, буның ушын усы системаның дурыс ҳәм нәтийжели ислеўин тәмийинлеўге байланыслы айырым талап ҳәм нормальарды белгилеў зәрүр болады.

Бәринен бурын, мүрәжат етилиўи мүмкин болған анық тараў ҳәм бағдарлар шеңбери, мүрәжат предметине байланыслы нормальарды ислеп шығыў талап етиледи. Онда сайлаў ҳуқықына ие болған кеминде мың пуқара район (қала) лық Кеңеске, кеминде 5 мың пуқара ўәлаятлық ҳәм Ташкент қалалық Кеңесине көрип шығылыўы шәрт болған мүрәжат киргизиў ҳуқықы бериледи.

Бул жәмәәтлик мүрәжатлар жәмиет ҳәм мәмлекет мәплерине қайшы келмеўи, аймақтың улыўма мәплерин сәўлелендириўи керек.
Буннан тысқары, усы Пәрманға муўапық жәмәәтлик мүрәжатларды жергиликли Кеңеслер тәрепинен көрип шығыў тәртип-қағыйдалары, мүрәжаттың мазмуны жәмиетлик ҳәм мәмлекетлик мәплерге қайшы келмеўи және аймақтың улыўма мәплерин билдириўи сыяқлы талапларға сай болыўы керек екенлиги де белгилеп бериледи. Жәмәәтлик мүрәжат етиў системасының жаратылыўы халқымыздың сиясий процесслердеги белсендилигин арттырыў менен бир қатарда, жергиликли Кеңес депутатларының да өз сайлаўшылары алдындағы жуўапкершилигин арттырады. Бул болса депутатты өз аймағындағы сайлаўшылары менен турақлы жумыс алып барыўға, аймақтағы әҳмиетли мәселелерге өз ўақтында жеделлик пенен мүнәсибет билдириўге ҳәм ҳәр бир мәселеге кең ҳәм ҳәр тәреплеме қатнас жасаўға шақырады.

О.Абдиреймов
Халық депутатлары Хожели районлық Кеңеси депутаты