Халық депутатлары Қараөзек районлық Кеӊес депутатлары ҳәм Шаӊарақ ҳәм ҳаял-қызлар бөлими менен биргеликте Ата мәкан мәкан пуқаралар жыйыны нураный апалар ҳәм ҳаял-қызлар менен менен ушырасты. Ушырасыўда депутатлар тәрепинен елимизде ҳаял-қызларға жаратылып атырылган қолайлықлар ҳәм усы тийкарда жаӊадан қабыл етилген қарар, пәрман ҳәм мәмлекетлик бағдарламалардыӊ мазмуны ҳаққында тоқталып өтилди. Сондай-ақ көше әтирапларын абаданластырыў ҳәм қызларымызды көсип өнер үйретиў тийкарында әмелге асырылыў тийис жумыслар ҳаққында пикир алысылды.