Жойбарлардың орынланыўы-депутатлар
қадағалаўында.
Қарақалпақстан
Республикасы Жоқарғы Кеңеси баслығы тәрепинен тастыйықланған № 01-12/08-81-санлы
Өзбекстан Республикасы Президенти ҳүжжетлери, Олий Мажлис палаталары ҳәм Ҳүкимет
қарарлары, Жоқары дәрежедеги сапарлар даўамында ерисилген келисимлер шеңберинде
ислеп шығылған “Жол карта” да районды социаллық-экономикалық раўажландырыў
бойынша белгиленген ис-илажларды мәнзилли үйрениў ҳәмде нәтийжели қадағалаўды әмелге
асырыў жумысларының барысы Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси депутаты
А.Аллиярова ҳәм районлық Кеңс депутаты Қ.Жалиевлер тәрепинен үйренилди.
Атап
айтқанда, депутатлар «Атакөл» АПЖ аймағындағы
“Қаўаныш жарма” каналы 3,0 м/с суў шығарыўшы насос станциясын қурыў бойынша
алып барылып атырған жумыслар барысы менен танысты.