«Атакөл»
АПЖ «Мәҳәлле жетилиги»ниң есабатлары тыңланды
Тахтакөпир
районындағы «Атакөл» аўыл пуқаралар жыйыны «Мәҳәлле жетилиги»ниң 2025-жыл
2-шереги жуўмағы менен әмелге асырылған жумыслары бойынша халық алдында есабаты
тыңланды.
Есабатта
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси депутаты А.Аллиярова қатнасты ҳәм
мәҳәлле жетилигиниң есабаты бойынша, сондай-ақ, жылдың екинши ярымында әмелге
асырылатуғын жумыслар бойынша пикир-усыныслар билдирди.
Депутат
А.Аллиярова «Атакөл» АПЖ «Мәҳәлле жетилиги»ниң алып барылған жумыслары менен
танысты ҳәм пуқаралардың мүрәжатлери менен ислесиў бойынша түсиник берди .
Есабат
даўамында мәҳәлле пуқаралары менен сөйлесиў алып барылып, әмелге асырылған
жумыслар ҳәм машқалалы мәселелер бойынша пикир алысылды.