Халық депутатлары Қараөзек районлық Кеӊес депутатлары тәрепинен Есимөзек аўыл пуқаралар жыйынында пуқаралар менен ушырасыў болып өтти. Ушырасыўға районлық Кеӊес депутатлары, район ҳәкими орынбасары, шаӊарақ ҳәм ҳаял-қызлар бөлими баслығы Р.Сагидуллаева, нураныйлар, көше бийлери, аймақ турғынлары ҳәм жаслар қатнасты. Ушырасыўда шығып сөйлеўшилер Өзбекстан Республикасы Президентиниӊ 2025-жыл 10-июль күнги «Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик ғәрезсизлигиниң отыз төрт жыллық байрамына таярлық көриў ҳәм оны өткериў ҳаққында»ғы қарары мазмуны ҳәм сондай-ақ, жаңадан қабыл етилген нызам, пәрман, қарарлар, жынаятшылық, ҳуқықбузарлықларға қарсы гүресиў, ҳуқықый мәдениятты асырыў бойынша үгит-нәсият алып барып, жаслар тәрбиясы, руўхый саламат орталықты қәлиплестириў, диний кеңпейиллик идеялары шеңберинде ҳәм аймақтағы көшелерди абаданластырыў ҳәм тамарқалардын пайдаланыў бағдарында пикир алысты.