«Депутат
мәҳәлледе» жойбары.
2025-жыл
25-июнь күни Қарақалпақстан Республикасы жоқарғы Кеңеси депутаты А.Аллиярова «Өзбекстан
Республикасы Президенти ҳүжжетлери, Олий Мажлис палаталары ҳәм Ҳүкимет
қарарлары, Жоқары дәрежедеги сапарлар даўамында ерисилген келисиўлер бойынша
ислеп шығылған «Жол карталары»нда Тахтакөпир районын социал-экономикалық
раўажландырыў бойынша белгиленген ис-илажларды мәнзилли үйрениў ҳәмде нәтийжели
қадағалаўды алып барыў ҳаққында» Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси
баслығы А.Т.Орынбаев тәрепинен 2025-жыл 10-февраль күни тастыйықлаған қадағалаў Режеси тийкарында «Қараой» МПЖ аймағында жасаўшы пуқаралар
Қ.Жаппарбергенов, П.Турдымуратова ҳәм Қ.Сапаровлардың шаңарақларында болып Өзбекстан
Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2023-жыл 2-февральдағы «Қарақалпақстан
Республикасында халық ушын мүнәсип турмыс шараятларын жаратыў ҳәм мәҳәллелер
инфраструктурасын және де жақсылаў ис-илажлары ҳаққында»ғы 52-санлы қарары тийкарында
алып барылған жумыслар барысы менен
танысты.