«Депутат
мәҳәлледе» жойбары.
2025-жыл 17-июнь күни Тахтакөпир районлық Кеңеси
депутаты Қ.Жалиев «Дәўир» МПЖ баслығы
Н.Примбетов пенен биргеликте «Өзбекстан Республикасы Президенти ҳүжжетлери,
Олий Мажлис палаталары ҳәм Ҳүкимет қарарлары, Жоқары дәрежедеги сапарлар
даўамында ерисилген келисиўлер бойынша ислеп шығылған «Жол карталары»нда Тахтакөпир
районын социал-экономикалық раўажландырыў бойынша белгиленген ис-илажларды
мәнзилли үйрениў ҳәмде нәтийжели қадағалаўды алып барыў ҳаққында» Қарақалпақстан
Республикасы Жоқарғы Кеңеси баслығы А.Т.Орынбаев тәрепинен 2025-жыл 10-февраль
күни тастыйықлаған Режеси тийкарында
«Дәўир» МПЖ аймағындағы О.Заримов ҳәм Б.Хожаниязовлардың шаңарағынан хабар
алып, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2023-жыл 2-февральдағы
«Қарақалпақстан Республикасында халық ушын мүнәсип турмыс шараятларын жаратыў
ҳәм мәҳәллелер инфраструктурасын және де жақсылаў ис-илажлары ҳаққында»ғы
52-санлы қарары тийкарында олардың жайларының төбесин шиферлаў ушын алып
барылып атырған жумыслар барысы менен танысты.