Халық депутатлары Шымбай районлық Кеңесине 1-санлы "Р.Низаматдинов" сайлаў округинен сайланған депутат, ӨзХДП депутатлық топары ағзасы Х.Абдижалиевтың өз сайлаў округинда жасаўшы сайлаўшылар менен ушырасыўы болып өтти.
Ушырасыўда депутат Х.Абдижалиевтың 2025-жылдың I-ярым жыллығы даўамында өз сайлаў округинде алып барған жумыслары, соның ишинде, сайлаўшылардың мүрәжатларының шешими, аймақты социал экономикалық раўажландырыў барысында орын алған машқалалардың шешими бойынша есабат берди.
Сондай-ақ, ушырасыўда депутат Х.Абдижалиев халықтың турмыс дәрежесин жақсылаў бойынша өзиниң пикир ҳәм усынысларын билдирип, аймақ турғынларының мүрәжатларын тыңлады ҳәм шешими бойынша ўазыйпалар белгилеп алынды.