35 yilYagona vatan, yagona xalq bo'lib, yangi hayot va kelajak yaratamiz!

Янгиликлар

Сўнги янгиликлар

янв.21
“Obod turmush” mahallasida “ hokim yordamchisi” faoliyati o‘rganildi
янв.21
Tuman hokimi deputatlik faoliyati davomida "Guliston" mahallasidagi yana bir savdo do'koni faoliyatini o‘rgandi
янв.21
Tuman hokimining deputatlik faoliyati
янв.21
Xalq deputatlari Muzrabot tumani Kengashining 24-sessiyasi bo‘lib o‘tdi
янв.21
Tuman Kengashi raisi saylovchilar bilan ochiq muloqot o‘tkazdi
янв.21
Deputatlar tomonidan qonun ijrosi va huquqiy targ‘ibot yuzasidan o‘rganish o‘tkazildi
янв.21
Tuman Kengashi huzuridagi ekspert guruhi tomonidan qonun ijrosi o‘rganildi
янв.21
Tuman hokimining deputatlik faoliyati
янв.21
“Madaniyat” mahallasida “mahalla yettiligi” faoliyati o‘rganildi
янв.21
Davlat dasturlari ijrosi deputatlik nazoratida
Халық депутатлары Нөкис қалалық Кеңесине 26-“Қумбыз аўыл” сайлаў округинен депутат Кадиров Қувондиқ Айитбаевич Нөкис қаласындағы «Көк өзек» мәкан пуқаралар жыйынының жумысларын үйренди.

 Халық депутатлары Нөкис қалалық Кеңесине 26-“Қумбыз аўыл” сайлаў округинен депутат Кадиров Қувондиқ Айитбаевич Нөкис қаласындағы «Көк өзек» мәкан пуқаралар жыйынының жумысларын үйренди.  

Үйрениў барысында депутат «Көк өзек» мәкан пуқаралар жыйынының ҳәким жәрдемшиси Джумабаев Ниетбай Нукусбаевич пенен сәўбетлести.  

Депутат МПЖ аймағындағы бир қатар мәселелер бойынша үйренди.  

Атап айтқанда Мәҳәлледеги жаслар жетекшиси тәрепинен әмелге асырылып атырған илажлардың нәтийжелилиги, жаслардың бәнтлиги, халыққа өз ўақтында сапалы медициналық жәрдем көрсетилиўи жағдайы, мәҳәлледе халық ҳәм балалар ушын спорт имаратлары, улыўма билим бериў мектеплери, колледж ҳәм академиялық лицейлердиң спорт заллары ҳәм олардағы спорт әнжамларының бар екенлиги, олардың үскенелениў жағдайы, ҳәким жәрдемшиси тәрепинен әмелге асырылып атырған
жумыслардың нәтийжелилиги, атап айтқанда, халықты кәмбағаллықтан шығарыў жумыслары, мәҳәлледеги социаллық хызметкер тәрепинен халықтың социаллық жәрдемге мүтәж категорияларына көрсетилетуғын хызметтиң сапалы шөлкемлестирилиўи, кем тәмийинленген шаңарақларға социаллық напақалар ҳәм материаллық жәрдем тайынлаў ҳәм төлеў жағдайлары, мәҳәлле ҳаял-қызлар белсендиси тәрепинен әмелге асырылып атырған жумыслардың нәтийжелилиги, мәҳәлледеги салық инспекторы тәрепинен оған жүклетилген мәселелердиң әмелге асырылыў жағдайы, мәҳәлле ишки көше жолларының жағдайы, көшелерди түнги жақтыландырыў, бийпул берилетуғин дәрилер менен тәмийинлеў жағдайы, аймақтағы имаратлардың гүзги-қысқы мәўсимге таярлық жумыслары. Басқарыў компаниялары жумысының нәтийжелилиги, көп қабатлы турақ жайлардың ишки коридорлары, подваллары, әтирапындағы майданның тазалығы ҳәм жақтыландырылыў жағдайы, үйлерде ыссы ҳәм суўиқ суў менен тәмийинлеў, электр энергиясы, газ бенен байланыслы мәселелер, шығындыларды өз ўақтында алып шығыў жағдайы, майыплығы бар шахсларға мәмлекет тәрепинен берилген жеңилликлердиң дурыс қолланылыў жағдайы, аймақтағы жынаячылыққа қарсы гүресиў жағдайы, әсиресе қызыл ҳәм сары аймақларда жынаяшылықты сапластырыў бойынша алып барылып атырған жумыслардың жағдайы үйренилди. Жоқарыдағы мәселелер бойынша үйрениў даўамында аймақтағы шығындыларды өз ўақтында алып шығыў бойынша айрым машқалалардың бар екенлиги анықланды ҳәм бул машқаланың унамлы шешилиўин депутат өз қадағалаўына алды. 

Slide 1 of 5