📌 ДЕПУТАТ СОРАЎЫ ЖИБЕРИЛДИ
Халық депутатлары Нөкис қалалық Кеңесиниң депутаты, "Адолат" СДП фракциясының ағзасы Ажинияз Пахратдинов тәрепинен гезектеги депутатлық сораў
тийисли жуўапкер шөлкемлерге жиберилди.
➤ Машқала орны:
Нөкисқаласы, "Телеорай" МПЖ аймағындағы Темир жол көшеси.
🔍 Машқала мазмуны:
Бул аймақта көп жыллардан берли изей суўлар топланып қалған. Ҳәзирги ўақытта суўдың тынып қалыўы нәтийжесинде:
Әтирапқажағымсыз ийис тарқалмақта;
Халықтың саламатлығына қәўип туўылмақта;
Жақын әтираптағы турақ жайлар ҳәм тереклерге үлкен зыян жетпекте.
➤ Сораў талабы:
Машқаланы жеделлик пенен сапластырыў:
Топланып қалган жер асты суўларын шығарып таслаў;
Аймақтағы топырақ үйимлерин арнаўлы техника жәрдеминде жайып, жерди тегислеў жумысларын шөлкемлестириў.
Еслетпе:
Бул мәселе пуқаралардың жасаў шараятларын жақсылаў ҳәм санитариялық жағдайды турақластырыў бойынша кешиктирип болмайтуғын ўазыйпа болып есапланады.