Халық депутатлары Шымбай районлық Кеңесине 24-санлы "Қ.Аўезов" сайлаў округинен сайланған депутат, ӨзХДП депутатлық топары басшысы О.Толыбековтың «Темир жол гүзары» мәкан пуқаралар жыйыны аймағында жасаўшы сайлаўшылар менен ушырасыўы болып өтти..
Ушырасыўда депутат О.Толыбековтың 2025-жылдың I-ярым жыллығы даўамында өз сайлаў округинде алып барған жумыслары, соның ишинде, сайлаўшылардың мүрәжатларының шешими, аймақты социал экономикалық раўажландырыў барысында орын алған машқалалардың шешими бойынша есабат берди.
Сондай-ақ, ушырасыўда депутат О.Толыбеков халықтың турмыс дәрежесин жақсылаў бойынша өзиниң пикир ҳәм усынысларын билдирип, аймақ турғынларының мүрәжатларын тыңлады ҳәм шешими бойынша ўазыйпалар белгилеп алынды.