Халық депутатлары Нөкис районлық Кеңеси депутаты Р.Сапарниязов тәрепинен "Төк таў" мәкан пуқаралар жыйынындағы 1- санлы улыўма орта билим бериў мектебинде Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2025-жыл 10-июльдағы “Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик ғәрезсизлигиниң отыз төрт жыллық байрамына таярлық көриў ҳәм оны өткериў ҳаққында"ғы ПҚ-222-санлы Қарарының мазмун ҳәм мәнисин халық арасында түсиндириў мақсетинде дөгерек сәўбети өткерилди. Соның менен бирге ҳүкиметимиз басшысының тек Қарақалпақстан Республикасы ушын қабыл еткен қарарлары ҳаққында кең түсиник берип өтилди.
Илаж даўамында қатнасыўшылар өзлерин қызықтырған сораўлары бойынша пикир алысты.