Хожели районы 32-санлы улыўма билим бериў мектебинде Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси депутаты И.Сдиков 2025-жыл 6 айы даўамында әмелге асырылған депутатлық жумыслары ҳаққында есабат берди.
Ушырасыўда депутат аймақларда енди ислениўи керек ўазыйпалар бойынша мәҳәлле басшылары, көше бийлери, аймақ белсендилери менен пикирлесип мәселелерди додалап билдирилген мүрәжәтлар бойынша тийисли мәкемелерге депутатлық сораўларын жибериў кереклигин белгилеп алды.
Оннан соң Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеӊеси депутаты И.Сдиков Абат МПЖ пуқаралары тәрепинен айтылған машқалаларын өз орнына шыққан ҳалда үйренип тийисли тараў басшыларына тапсырмалар берип ислениўи зәрүр ўазыйпалар белгиленди.