Янгиликлар

Депутат сайлаушыларга есабат берди

 2025-жыл 25-июль күни «Айдын жол»
мәкан пуқаралар жыйынында Өзбекстан ХДП Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы
Кеңеси депутаты А.Аллиярова ҳәм районлық Кеңес депутаты Қ.Жалиев сайлаўшылар
менен ушырасып, 2025-жылдың биринши ярым жылында әмелге асырылған жумыслары
бойынша есабат берди.
Ушырасыўға «Айдын жол» МПЖ пуқаралары қатнасты. 

Ушырасыўда депутатлар
мәмлекетимизде ҳәм жәмийетимизде болып атырған
сиясый жаңалықлар, 2025-жылдың өткен дәўиринде районда, соның ишинде «Айдын
жол» МПЖ да әмелге асырылып атырған жумыслар, жыл даўамында ислениўи
режелестирилген жойбарлар ҳаққында сайлаўшыларға мағлыўмат
берди. 

Ушырасыў даўамында сайлаўшылардың
усыныс,машқалалары тыңланды.
  

Slide 1 of 1