Янгиликлар

Нөкис районы Руўхый-ағартыўшылық сарайында коррупцияға қарсы гүресиў бойынша әҳмийетли мәжилис шөлкемлестирилди.

Жуўапкерлер тек ғана мәжилис шеңберинде емес, ал әмелде де коррупцияға қарсы гүресиў жағдайын үйрениўге айрықша итибар қаратты. Атап айтқанда, Ақмаңғыт мәҳәллеси ҳәм районлық медицина бирлеспесинде болып, мәмлекетлик хызметлердиң ашық-айдынлығы, мүрәжатлар менен ислесиў тәртиби ҳәм ишки қадағалаў системасының нәтийжелилиги сыяқлы әҳмийетли тәреплери ҳәр тәреплеме талланды.

Бундай илажлар коррупцияға қарсы гүресиўде әмелий қәдемлер сыпатында үлкен әҳмийетке ийе ҳәм жәмийетте ашық-айдынлықты беккемлеўге хызмет етеди.

Slide 1 of 4