Янгиликлар

Депутат_мәҳәлледе

Халық депутатлары Шымбай районлық Кеңесиндеги ӨзХДП депутатлық топары ағзасы Х.Абдижалиев өзи сайланған "Гүлистан" МПЖ аймағында жайласқан 5-санлы улыўма орта билим бериў мектебинде болып, мәкеме жәмәәти менен ушырасыў өткерди.

♻️ Ушырасыў даўамында депутат елимизде билимлендириў тараўын реформалаў, педагог хызметкерлердиң жәмийеттеги орнын беккемлеў, олардың машақатлы мийнетин мүнәсип қәдирлеў, және системада жумыс алып барып атырған муғаллимлерге жаратылып атырған кең имканиятлар менен жеңилликлерге айрықша тоқтап өтти. Соның ишинде, соңғы жылларда тараўға байланыслы қабыл етилген нызамшылық ҳүжжетлери, оқытыўшылардың кәсиплик ҳуқықларын қорғаў ҳәм оларды материаллық және руўхый хошаметлеў бағдарында әмелге асырылып атырған жаңалықлар ҳаққында толық мағлыўмат берилди.

📌 Ушырасыў соңында депутат Х.Абдижалиев билимлендириў процесин буннан былай да жетилистириў, оқыўшылардың қәўипсизлигин тәмийинлеў ҳәм социаллық жәрдемге мүтәж шаңарақлардың перзентлерин қоллап-қуўатлаў бойынша бир қатар усыныс ҳәм мүрәжатлар билдирилди.

Slide 1 of 7