Мүнәсибет
Өзбекстан Республикасы Президенти ҳүрметли Шавкат Мирзиёев усынысына көре Словакия Республикасы Бас министри Роберт Фицо рəсмий сапар менен журтымызда болыўы өз-ара шерикликте жаңа басқышты баслап берди.
Жоқары дəрежедеги ушырасыў ҳəм өз ара келисиўлер сыяқлы сиясий, экономикалық, тəлим, инновация, экология, денсаўлықты сақлаў ҳəм басқа тараўларда өз ара мəпли шерикликти тереңлестириўге қаратылған зəрүрли келисимлерге ерисилди. Бул болса, тек ғана мəмлекетлер аралық қатнасларды емес, ал халықлар арасындағы дос сыпатында байланысларды да беккемлейди.
Халық демократиялық партиясы ўәкили сыпатында соны айтып өтиўим керек, бундай сапар ҳəм келисимлер арқалы мəмлекетимизде жаңа технологиялар, заманагөй жумыс орынлары ҳəм инвестициялар жаратылады. Бул болса партиямиздың тийкарғы мақсетлеринен бири - халық бәнтлигин тəмийинлеў ҳəм олардың турмыс дəрежесин асырыўға хызмет етеди.