Янгиликлар

Сўнги янгиликлар

янв.21
Joriy yil 15-avgust kuni Amudaryo tumani hokimligida O‘zLiDeP deputatlik guruhining yig‘ilishi bo‘lib o‘tdi.
янв.21
Deputat faoliyatidan
янв.21
Deputat faoliyatidan
янв.21
Жўқорғи Кенгес депутати Санобар Хўжамуротова сайловчилар билан учрашди
янв.21
“Biz korrupsiyaga qarshimiz!” nomli grant loyihasi doirasida Qilichboy OFYda davra suhbati tashkil etildi
янв.21
Президент Фармони ижроси ва маънавий-маърифий ишларда самарадорлик масалалари муҳокама қилинди
янв.21
Deputat saylovchilarga axborot berdi.
янв.21
Deputat faoliyatidan
янв.21
Депутат сайловчиларнинг долзарб муаммоларига эътибор қаратди
янв.21
Депутатлар биринчи ярим йиллик якуни бўйича сайловчиларга ҳисобот бермоқда
Миллий аўызбиршиликти беккемлеў - Жаңа Өзбекстан раўажланыўының тийкары.

 Өзбекстан көп миллетли
мәмлекет. Елимизде
әййемги заманлардан
берли түрли миллет ўәкиллери өз-ара дослықта ҳәм туўысқаншылық орталығында
жасап келген. Соның менен бирге, олардың үрп-әдетлери, салт-дәстүрлери
бир-бирине уйғынласып барыўы нәтийжесинде,
бир шанарақ астында жасаўшы ҳәр қыйлы миллет ўәкиллери қәдириятлар орталығында да бир-бири менен тығыз байланысқан. Елимизде қазақ, орыс, қырғыз, уйғыр, түркмен, татар,
башқурт ҳәм басқа да
миллет ўәкиллери
көпшиликти қурайды.
Соңғы жылларда түрли миллет
ўәкиллери арасындағы тынышлық ҳәм аўызбиршиликти тәмийинлеў, ўатанласларымыздың
санасында көп миллетли бирден-бир шаңарақ сезимин беккемлеў, миллий мәдений
орайлар ҳәм дослық жәмийетлериниң жумысын ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў
бағдарында бир қанша унамлы жумыслар әмелге асырылды.
Миллетлер аралық татыўлық,
кеңпейиллик түрли миллет ҳәм халықлардың мәдений мийрасы, тили ҳәм дәстүрлерин
сақлаўға жәрдем береди, әсирлер даўамында қалиплескен ҳәр қыйлы халықларға тән
болған мәдениятлар арасында өз-ара ҳүрмет туйғыларының пайда болыўын
тәмийинлейди. Бул бағдарлар жәмийетте инсаныйлық ҳәм ғәрезсиз мәмлекетимиздиң
сыртқы сиясатында мәмлекетлик имиджин қәлиплестирип, халықаралық қатнасықларды беккемлеўге
хызмет етеди.
Және де, кеңпейиллик негизинде жәмийетте инсаныйлық қатнасықлары
жоқары болар екен, демек ол елде өсип киятырған жас әўлад ўәкиллери арасында
басқа халықлар мәденияты, үрп-әдетлерине деген өз-ара ҳүрмет туйғылары қәлиплесиўине
де хызмет етери сѳзсиз.
Бүгинги дүньяда социаллық
ҳәм экономикалық жақтан жоқары раўажланған мәмлекетлерде миллетлер арасындағы
татыўлық, кеңпейиллик ҳәм жәмийетте өз-ара ҳүрмет сезимлерине тийкарланған ишки
сиясаттың жақсы жолға қойылғанын биз анық кѳре аламыз.
Усы көз қарастан қарағанда, бүгин
Өзбекстанда көп миллетли халықшыл мәмлекет сыпатында миллий аўызбиршилик,
мәдений ҳәр түрлилик ҳәм диний кеңпейилликти беккемлеўди мәмлекетлик сиясатының
тийкарғы бағдарларынан бири етип белгиленген.
 

  

Б.Матеков. Халық депутатлары Кегейли
районлық Кеңеси депутаты
  

Slide 1 of 1