Yangiliklar

So‘ngi yangiliklar

янв.21
BO‘STON MAHALLASIDAGI MAKTABDA YANGI O‘QUV YILIGA TAYYORGARLIK O‘RGANILDI
янв.21
BUYUK KELAJAKNI BILIMLI YOSHLAR BARPO ETADI!
янв.21
DEPUTAT NAZORATI: “HAMID OLIMJON” MAHALLASIDA IJTIMOIY QO‘LLAB-QUVVATLASH TIZIMI O‘RGANILDI
янв.21
DEPUTAT O‘RGANISHI: MAHALLALARDA QONUN USTUVORLIGI VA MAHALLIY IJRO NAZORATDA
янв.21
KELAJAK DEPUTATLARI VILOYAT KENGASHIDA: YOSHLAR MASLAHAT GURUHI UCHUN MAXSUS EKSKURSIYA
янв.21
“QISHLOQ JOYLARNI BARQAROR RIVOJLANTIRISH” LOYIHASI: DEPUTAT NAZORATIDA
янв.21
HILOL MAHALLASIDA IJTIMOIY HIMOYA TIZIMI O‘RGANILDI
янв.21
MAHALLADA IJTIMOIY HIMOYA VA KO‘MAK: VAZIYAT QANDAY?
янв.21
MAHALLA FAOLLARI BILAN YAQIN HAMKORLIK: HUDUDDAGI IJTIMOIY MASALALAR QANDAY HAL ETILMOQDA?
янв.21
AHOLI MUAMMOLARIGA YECHIM IZLAB: DEPUTATLIK NAZORATI VA MAHALLA YETTILIGI HAMKORLIGI
МҮНӘСИБЕТ

Германия Президентиниң Өзбекстанға рәсмий сапары: стратегиялық бирге ислесиў жаңа басқышта

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң мирәт етиўине бола 17-18-июнь күнлери Германия Федеративлик Республикасы Президенти Франк-Валтер Штайнмаер өмирлик жолдасы менен бирге рәсмий сапар менен мәмлекетимизде болды.

Бул сапар етиў еки мәмлекет арасындағы сиясий сөйлесиў ҳәм стратегиялық бирге ислесиўди буннан былай да беккемлеўде үлкен әҳмийетке ийе болды. Бағдарлама шеңберинде жоқары дәрежедеги сөйлесиўлер шөлкемлестирилди ҳәм еки мәмлекет делегациялары өз-ара пайдалы бағдарлар бойынша кең көлемли пикир алысты.

Сапардың биринши күни Өзбекстан ҳәм Германия Президентлериниң тар шеңбердеги ушырасыўы ҳәм рәсмий делегациялардың қатнасыўындағы сөйлесиўлер менен басланды. Сөйлесиўлер даўамында сиясий байланысларды тереңлестириў, экономикалық ҳәм инвестициялық бирге ислесиўди кеңейтиў, сондай-ақ, билимлендириў, инновациялар ҳәм заманагөй технологиялар тараўында қоспа басламаларды әмелге асырыў мәселелери додаланды.

Айрықша атап өтилгениндей, Германия Өзбекстанның Европадағы әҳмийетли ҳәм исенимли шериклеринен бири болып есапланады. Усы мүнәсибет пенен тәреплер өз-ара пайдалы жойбарларды буннан былай да жеделлестириў ҳәм жаңа бағдарларда бирге ислесиўди раўажландырыўға таяр екенин билдирди. Сөйлесиўлердиң жуўмақлары бойынша бир қатар жаңа биргеликтеги жойбар ҳәм бағдарламаларды әмелге асырыўға келисип алынды.

Рәсмий сапар Өзбекстан ҳәм Германия арасындағы дослық қатнасықлар ҳәм узақ мүддетли бирге ислесиўди буннан былай да беккемлеў жолында әҳмийетли қәдем болып хызмет етти.

Күнсулыў НАСЫРОВА,
Халық депутатлары Мойнақ районлық Кеңеси депутаты, ӨзХДП депутатлық топары ағзасы