«Депутат мәҳәлледе» жойбары.
2025-жыл 3-апрель күни Қарақалпақстан республикасы Жоқарғы Кеңеси депутаты А.Аллиярова, районлық Кеңес депутатлары Қ.Жалиев, Т.Жусипов ҳәм Н.Азбергеновлар «Дуз цехы» экспортёр карханасында болып, дузды упаковкалаў барысы ҳәм ислеўшилердиң жумыс шараятлары менен танысты.
Мағлыўмат ушын: бул кәрхана тәрепинен 2024-жылы баҳасы 89,1 мың долларлық, 2025-жылдың биринши шерегинде 27,2 мың доллар болған дуз өнимлери Германия мәмлекетине экспорт етилди. Бүгинги күнде және 21 тонна дуз экспортқа жибериўге таяр ҳалға келтирилген.