Yangiliklar

So‘ngi yangiliklar

Депутат махаллада лойихаси

Депутатлар сайлаўшылар менен ушыраспақта.

2025-жыл 7-апрель күни «Тахтакөпир» ППЖ аймағындағы 3-санлы мектепте Өзбекстан ХДП Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси депутаты А.Аллиярованың сайлаўшылар менен 2025-жылдың биринши шерегинде әмелге асырылған жумыслары бойынша есабат бериў ушырасыўы болып өтти. Ушырасыўға «Тахтакөпир» ППЖ, «Ғәрезсизлик» МПЖ пуқаралары, 3-санлы мектептиң педагог кадрлары, жаслар қатнасты.

Жыйналысты Өзбекстан ХДП Тахтакөпир районлық Кеңеси баслығы Қ.Жалиев алып барды.   

Ушырасыўда депутатлар 2025-жылдың өткен дәўиринде «Тахтакөпир» ППЖ, «Ғәрезсизлик» МПЖ ларда әмелге асырылып атырған жумыслар, сондай-ақ, жыл даўамында ислениўи режелестирилген жойбарлар ҳаққында сайлаўшыларға мағлыўмат берди.

Ушырасыў даўамында сайлаўшылардың усыныс,машқалалары тыңланды.

Slide 1 of 1