Yangiliklar

So‘ngi yangiliklar

янв.21
Doimiy komissiyada murojaatlar bilan ishlash natijalari muhokama qilindi
янв.21
Deputat bepul dori-darmonlar bilan ta’minlash holatini o‘rgandi
янв.21
Sessiya oldidan doimiy komissiyalar faoliyati muhokama qilindi
янв.21
Doimiy komissiyada ekologiya sohasidagi ishlar muhokama qilindi
янв.21
9-may — Xotira va qadrlash kuni munosabati bilan ma’naviy-ma’rifiy tadbir o‘tkazildi
янв.21
Deputat bandlik va tadbirkorlikni rivojlantirish holatini o‘rgandi
янв.21
Deputat mahallada hamkorlik va murojaatlar holatini o‘rgandi
янв.21
“Yoshlar maslahat guruhi” ishchi komissiyasi yig‘ilishi bo‘lib o‘tdi
янв.21
Deputat dorixona faoliyatini o‘rgandi
янв.21
Deputat hududdagi madaniyat muassasalari faoliyatini o‘rgandi
ДЕПУТАТЛАР ТӘРЕПИНЕН МЕКТЕПТЕН ТЫСҚАРЫ БИЛИМЛЕНДИРИЎ СИСТЕМАСЫНЫҢ ЖАҒДАЙЫ ҮЙРЕНИЛДИ

  Халық депутатлары Шымбай районлық Кеңесиндеги Өзбекстан ХДП депутатлық топары ағзалары тәрепинен Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2025-жыл 8-сентябрь күнги "Мектептен тысқары билимлендириў системасын жаңа басқышқа алып шығыў илажлары ҳаққында"ғы ПҚ-277-санлы қарарының Шымбай районында орынланыўы бойынша үйрениў жумыслары алып барылды.

 Үйрениў даўамында депутатлар “Гүжимли” МПЖ аймағында жайласқан “Келешек” орайында болып, оқыўшылардың бос ўақытларын мазмунлы шөлкемлестириў бағдарында әмелге асырылып атырған жумыслар, бар имканиятлар ҳәм машқалалар көзден өткерилди.

Атап айтқанда, дөгеректиң жумысы, материаллық-техникалық базаның жағдайы, педагог кадрлардың потенциалы ҳәм жаслардың қызығыўшылықларына сәйкес бағдарларды кеңейтиў мәселелерине айрықша итибар қаратылды. Сондай-ақ, қарарда белгиленген ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў бағдарында әмелге асырылып атырған жумыслар бойынша жуўапкерлердиң мәлимлемелери тыңланды.

Үйрениўлер нәтийжесинде тараўды және де раўажландырыў, бар кемшиликлерди сапластырыў ҳәм мектептен тысқары билимлендириў системасын жаңа басқышқа алып шығыў бойынша тийисли усыныслар билдирилди. 

Slide 1 of 4